Qaraózekli ustazlarǵa húrmet kórsetildi


«1-октябрь- Муғаллимлер ҳәм устазлар күни» улыўмахалықлық байрамы елимиздиң барлық аймақларында болғаны сыяқлы, Қараөзек районында да көтериңки кейпиятта белгиленип өтилди.

Байрам  салтанатына район басшылары, депутатлар, билимлендириў тараўы  хызметкерлери, нураный устазлар ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Онда район ҳәкими У. Утамбетов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, өзлериниң барлық билими ҳәм күш-жигерин балалардың тәлим-тәрбиясына жумсап, оларға илим-билим, өнер сырларын үйретип, халқымыздың иззет-ҳүрметине, шексиз алғысына миясар болған устазларымызды кәсиплик байрамлары менен қутлықлап, бир қатар тараўда соңғы жыллары жоқары нәтийжелерди қолға киргизип киятырған устаз-муғаллимлерге Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикалары Халық билимлендириў ағласы көкирек белгилери, район ҳәкимлигиниң Ҳүрмет жарлықларын тапсырды ҳәм оларды естелик саўғалары менен сыйлықлады.








Байрам кешеси районлық мәденият бөлими хызметкерлери ҳәм Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби оқыўшыларының устаз-муғаллимлерге арналған  концерт бағдарламасы менен даўам етти.


Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы