Qan menen baylanıslı normalardıń tiykarında insan salamatlıǵı turǵanın umıtpaw kerek


Фармацевтика тармағының инвестициялық тартымлылығын және де арттырыў заман талабы. Донор қанынан дәри қуралларын ислеп шығарыўды жолға қойыў, фармокологиялық үскенелер ҳәм дәри қуралларының клиникалық изертлеўлерин өткериў тәртибин жетилистириў мақсетинде тармақтағы айырым шеклеўлерди бийкарлаў зәрүрлиги де бар.

Сондай-ақ, дәри қуралларын ҳәм фармацевтика өнимлерин дизимнен өткериў шәртлерин қайта көрип шығыў да зәрүр. Усы мақсетте «Фармацевтика жумысының жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызам ислеп шығылған. Сенаттың қырқ бесинши жалпы мәжилисинде додаланған бул нызам бойынша Сенат Баслығы Танзила Норбоева өз мүнәсибетин билдирип, халықтың дәри қуралларына болған талабы, әсиресе, сапалы қан компонентлерине болған талап жылдан-жылға артып атырғанын атап өтти. Медицинамыз раўажланып, қурамалы хирургиялық, атап айтқанда, бийбаҳа трансплантация операциялары мәмлекетимиздиң өзинде әмелге асырылмақта. Бул болса, өз гезегинде, қан ҳәм оның структуралық бөлеклерин топлаў, таярлаў ҳәм қайта ислеў көлемлерин арттырыўды талап ететуғыны тәбийғый. Мысалы ушын, ДСМ мағлыўматына бола бүгин бир баўыр трансплантациясы ушын 30 литрге шекем қан плазмасы зәрүр болады. – Нызам менен донор қаны ҳәм структуралық бөлеклерин топлаў, таярлаў ҳәм қайта ислеўди жеке меншик тәртипте әмелге асырыўға болған қадаған етиў бийкарланып атырғаны, яғный бул тараў мәмлекет монополиясынан шығарылып атырғаны оғада әҳмийетли,-деди Т.Норбоева. – Бирақ, соны да айтыў керек, қан ҳәм оның структуралық бөлеклерин топлаў, таярлаўдың қатаң ҳәм өзгермейтуғын арнаўлы стандартлары болыўы шәрт. Бул әпиўайы жумыс емес. Әсиресе, ҳәзирги күнде қан менен жуғатуғын ҳәр қыйлы кесеслликлердиң бар екенлиги бул бағдарда оғада үлкен жуўапкершилик, жоқары тәжирийбе ҳәм айрықша итибарды талап етеди. Тараўға жеке меншик секторды тартыўда мине, усы тәреплерге де итибарды күшейтиў зәрүр. ДСМ бул бағдарда зәрүр илажлар көрилиўин тәмийинлеўи шәрт. Себеби белгиленип атырған бул нормалар тийкарында инсан саламатлығы турғанын умытпаў керек. Сенаторлар мақуллаған нызам қан препаратларына болған талапты жергиликли өндирис есабынан қаплаўға, дәри қуралларының жаңа түрлериниң ислеп шығарылыўын тәмийинлеўге хызмет етеди. Н.Абдураимова, ӨзА