29.03.2024, Пятница

Ҳүрметли исбилерменлер, фермерлер, өнерментлер, республикамыз турғынлары ҳәм мийманлары!

Ҳәр жылы өткерилиўи дәстүрге айланған, мәмлекетимиз исбилерменлери, фермерлери ҳәм өнерментлерин хошаметлеў мақсетинде өткерилип киятырған Өзбекистан Республикасы Президенти саўғалары ушын                  «Ташаббус-2018» таңлаўына шөлкемлестириў комитети тәрепинен старт берилгенлигин хабарлайды ҳәм 13-28-сентябрь күнлери Таңлаўдың қала, район басқышларында қатнасыўшылар:

·        «Жылдың ең жақсы исбилермени»-санаат тараўында

·        «Жылдың ең жақсы исбилермени»-хызмет көрсетиў тараўында

·        «Жылдың ең жаксы жас исбилермени»

·        «Жылдың ең жақсы фермери» ҳәм

·        «Жылдың ең жақсы өнерменти»

 

тийкарғы бағдарлары бойынша күш сынасады.

 

«Ташаббус-2018» таңлаўының қала ҳам район басқышлары Қанлыкөл районында-13-сентябрь күни, Шоманай районында- 14-сентябрь күни, Қоңырат районында-15-сентябрь күни, Мойнақ районында-16-сентябрь күни, Төрткул районында-19-сентябрь күни, Беруний районында-18-сентябрь күни, Элликқала районында-20-сентябрь күни, Әмиўдарья районында-17-сентябрь күни, Кегейли районында-21-сентябрь күни, Шымбай районында-22-сентябрь күни, Қараөзек районында-23-сентябрь күни, Таҳтакөпир районында-24-сентябрь күни, Нөкис районында-25-сентябрь күни, Хожели районында-26-сентябрь күни, Тахиятас районында-27-сентябрь күни ҳәм Нөкис қаласында-28-сентябрь күнлер аралығында өткерилиўи режелестирилмекте.

 

Қала ҳәм район басқышы жеңимпазлары 2018-жыл 17-октябрь күни Нөкис қаласы Қарақалпақ мәмлекетлик Академиялық музыкалы театрында болып өтетуғын Республика басқышына қатнасыў имкәниятына ийе болады ҳәм тийкарғы бес бағдардан тысқары қосымша номинациялар бойынша жеңимпазлар анықланып, олар арнаўлы диплом ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланады.

Республика басқышының тийкарғы бес бағдары бойынша жеңимпазлар усы жыл 14-16-ноябрь күнлери Ташкент қаласында болып өтетуғын финаллық басқышта қатнасыў ушын жолланбаны қолға киргизеди.

 

 

Ҳүрметли исбилерменлер, фермерлер ҳәм өнерментлер!

 

         Егер, Сиз ислеп шығарып атырған өнимлериңизди республикамыз халқына көрсетиўге, басқа ислеп шығарыўшылар менен беллесиўге таяр болсаңыз, таңлаўға қатнасыўға мирәт етемиз.

         «Ташаббус-2018» таңлаўына қатнасыў арқалы Сиз өз өнимлериңизди кең халыққа танытыў, оларға болған талаптың артыў имкәниятына ийе боласыз. Таңлаўға қатнасыў ушын Сиз өзиңиз жасап атырған район (қала) ҳәкимиятларына, Өзбекистан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасына, сондай-ақ, Басқарманың районлардағы Мағлыўмат мәслаҳат орайларына хабарласыўыңызға болады.

         Таңлаў шәртлери бойынша қосымша сораўлар менен шөлкемлестириў комитетиниң 770-71-01, 222-00-51 телефонлары арқалы мағлыўмат алыўыңызға болады.

 

Сизге таңлаўда әўмет тилеймиз.

 

         Өзбекистан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы.