28.03.2024, Piyshembi

Бәрше исбилерменлер дыққатына!

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 6-март күнги «Қарақалпақстан Республикасында киши санаат зоналарын шөлкемлестириў ис-илажлары ҳаққындағы» қарарына тийкарланып, «Қарақалпақстан Республикасы киши санаат зоналары дирекциясы» мәмлекетлик унитар кәрханасы шөлкемлестирилгенлигин мәлимлеймиз.

Усы қарар тийкарында Әмиўдәрья, Беруний, Шымбай, Тақыятас, Хожели ҳәм Қоңырат районларында мәмлекет мүлки ҳәм мәмлекет үлеси болған хожалық жүритиўши жәмийетлердиң пайдаланылмай атырған ислеп шығарыў майданлары ҳәм объектлери негизинде киши санаат зоналары шөлкемлестирилип, исбилерменлик субъектлерине бизнес режелерди, жумыс орынларын жаратыў ҳәм сақлаў, барлық түрдеги салықлар ҳәм мәжбүрий төлемлерди өз ўақтында төлеў шәрти менен соңынан мүлк ҳуқықы берилген ҳалда 5 жыллық узақ мүддетке «ноль» баҳада ижараға берилетуғынлығын жәриялайды.

Соның менен бирге, киши санаат зоналарында инвестиция жойбарларын әмелге асырыў, импорт үскенелер ҳәм оларға аўысық бөлеклер алып келиў ушын жеңиллетилген кредитлер (линиялары) ашылғанлығын мәлимлеймиз. 

Киши санаат зоналарында импарт орнын басатуғын ҳәм эспортқа бағдарланған таяр өнимлер, материаллар ҳәм аўысық бөлеклер ислеп шығарыў кәрханаларын жайластырыў нәзерде тутылған.

Ҳүрметли исбилерменлер!

Сизлерди киши санаат зоналары қатнасыўшысы болыўға мирәт етемиз.

«Қарақалпақстан Республикасы киши санаат зоналары дирекциясы»

Мағлыўмат ушын телефонлар: 222-05-35, 222-26-27