29.03.2024, Жума

КОРЕЯ ҚАРАҚАЛПАҚСТАН МЕНЕН БИРГЕ ИСЛЕСЕДИ


    Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде Корея Республикасының исбилермен, жәмийетлик ҳәм билимлендириў топары ўәкиллериниң, сондай-ақ, республикамыздағы бир қатар министрликлер менен ведомстволардың басшылары, исбилерменлик субъект¬лериниң қатнасында  бизнес-форум болып өтти.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Б.Ҳабибуллаев, Кореяның «Evergreen Motors Group» компаниясының баслығы Ким Чанг Кеон, Корея¬ның билимлендириў ҳәм тәлим илим-изертлеў институтының баслығы Ким Юн Сэ ҳәм басқалар шығып сөйлеп, сапардың мақсети ҳәм ўазыйпалары, оның шеңберинде әмелге асырылатуғын жойбарлар, келешектеги бирге ислесиў бойынша өз-ара пайдалы пикир алысыўлар болды.
    Атап өтилгениндей, елимиз ғәрезсизликке ерискен дәслепки жыллардан баслап Қубла Корея менен түрли тараўларда бирге ислесиў ҳәр тәреплеме раўажланып бармақта. Республикамыздың аймағындағы Сүргил кәни негизинде қурылған Үстирт газ-химия комплекси буның айқын мысалы болып табылады. Буннан тысқары, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, туризм тараўларында да бирге ислесиў жақсы жолға қойылмақта. Мийманлардың бул реттеги сапары Қарақалпақстан Республикасы менен Өзбекстанның Корея Республикасындағы елшиханасы арасында тастыйықланған «жол картасы» шеңберинде әмелге асырылмақта.
Илаж қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған бир қатар сораўларға жуўап алды.
Күнниң екинши ярымында мийманлар пайтахтымыздағы республикалық кардиология диспансеринде,  О.Халмуратов атындағы республикалық көп тармақлы медицина орайында болып, халықтың денсаўлығын сақлаў жолында әмелге асырылып атырған жумысларды, наў¬қасларға жаратылған шараятларды барып көрди.
    Делегация ағзалары Ташкент мәмлекетлик педиатрия институты Нөкис филиалында маман қәнигелер таярлаўдың барысы менен танысты. Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң тиккелей басламасы менен филиал жанында көп тармақлы клиниканың қурылыс жумыслары тезлетилген пәт пенен алып барылмақта. Бүгинги күни оқыў орны жәҳәнниң бир қатар халықаралық, соның ишинде Корея Республикасының абырайлы клиникалары менен биргеликте жумыслар алып бармақта.  Мийманлар Қубла Кореяның «Чуннам» емлеўханасының клиникасында усы филиалдың еки қәнигесиниң маманлығын жетилистирилиўине, жаңадан қурылып атырған клиникаға заманагөй медициналық әсбап-үскенелер жеткерип бериўде әмелий жәрдем көрсетилетуғынлығын билдирди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде Кореяның раўажландырыў ҳәм билимлендириў қоры менен бирге ислесиў бойынша Меморандумға қол қойысыў салтанаты болды. Үш жылға мөлшерленген бул ҳүжжет шеңберинде кореец тилин үйрениў бойынша орай ашылып, оның материаллық-техникалық базасы беккемленеди. Бул келешекте шет елге жумыс ислеўге баратуғын жергиликли қәнигелерди таярлаўда да айрықша әҳмийетке ийе болады.
Сапар шеңберинде мийманлар Беруний районында да болып, жылына 800 мың тонна цемент ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе заводтың қурылысы ушын ажыратылған жер майданы менен танысты. Қубла Кореяның жетекши қурылыс компаниялары менен биргеликте қурылатуғын жаңа заводтың иске түсирилиўи, жергиликли бир қатар жаслар ушын жаңа жумыс орнын ашыў имканиятын береди.
    Делегация ағзалары И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем-өнер музейинде, пайтахтымыздың басқа да бир қатар дыққатқа ылайық орынларында болды.  Еки күнлик сапар даўамында алып барылған сөйлесиўлер жәҳәнде жетекши еллер қатарынан орын ийелейтуғын Корея Республикасы менен исбилерменлик, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, туризм ҳәм басқа тараўлардағы бирге ислесиўде жаңа бас¬қыш болып қалады.