28.03.2024, Пийшемби

Усы жылдың 2-май күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов Израил мәмлекетинен келген “Netafim”, “Sun Energy Green” хәм “Razor Engineering” компаниясы ўәкиллери менен ушырасыў өткерди.

Ушрасыў даўамында, “Netafim” компаниясының суў сапасы, муғдары ҳәм топырақ өнимдарлығын сақлап қалған ҳалда егинлердиң өнимдарлығын арттырыў ҳәм жақсылаўға мөлшерленген тамшылатып суўғарыў системаларын ҳәм суў менен байланыслы басқа технологиялық шешимлерди излеп табыў, “Sun Energy Green” компаниясы тәрепинен исбилерменлерге имаратты баҳалаўдан тартып, заманагөй имаратларды қурыў ҳәм оңлаў, сондай-ақ, қуяш энергиясы ушын компонентлерди жойбарлаў ҳәм ислеп шығарыўға дейн болған барлық тараўларда жәрдем көрсетиў ҳәмде “Razor Engineering” компаниясының радиациялық қорғаныў, акустикалық режелестириў ҳәм шаўқымды кемейтириў шешимлери бойынша мәсләҳәт ҳәм режелестириў ислери де көрип шығылды. Көрип шығылған мәселелер жүзесинен ис-иләжлар белгилеп алынды.