29.03.2024, Жума

Мәмлекетимизде халық пенен ашық сәўбет өткериў, олардың талап ҳәм усынысларын үйрениў, тәшўишлерин тыңлаў, машқалаларын имкан дәрежеде орнында шешиў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының қала ҳәм районларда көшпели қабыллаўы шөлкемлестирилип келинбекте.

Мәмлекетимизде халық пенен ашық сәўбет өткериў, олардың талап ҳәм усынысларын үйрениў, тәшўишлерин тыңлаў, машқалаларын имкан дәрежеде орнында шешиў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының қала ҳәм районларда көшпели қабыллаўы шөлкемлестирилип келинбекте.

Бүгинги көшпели қабыллаў Мойнақ районындағы Мәденият орайында өткерилип, илажға район аймағындағы аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларынан 30 ға пуқаралар өз мүрәжатлары менен қатнаспақта. 
  - Мен Жумагүл Дәўлетмуратова. «Бозатаў» аўыл пуқаралар жыйыны турғыныман. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығының қабыллаўына «Ҳаяллар дәптери»не киритиў мәселеси бойынша мүрәжат еттим. Мениң бул мүрәжатым унамлы шешилип, «Ҳаяллар дәптери»не киритилдим – дейди, Жумагүл Дәўлетмуратова ҳүкиметимиз басшыларына өз миннетдаршылығын билдирип. Тап усындай мәселе менен мүрәжат еткен Махида Хожамуратованың мүрәжаты өз шешимин тапты.
 
  Пуқара Оңғарбай Зинатдинов «Таллыөзек» мәкан пуқаралар жыйыны жаслар жетекшисиниң усынысы менен “Жаслар дәптери”не киритилген. Енди ол бул имканияттан утымлы пайдаланып, өзиниң исбилерменлигин жолға қоймақшы. Ол Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығының көшпели қабыллаўында субсидия тийкарында инкубатор алып бериўде әмелий жәрдем сорап мүрәжат етти. Енди ол өзиниң исбилерменлигин баслап, шаңарағына дәрамат киритеди.

  Мойнақ районы турғыны Даўылбай Баядилов турақ жайына қуяш панеллерин орнатып бериўде сораған мүрәжаты унамлы шешилетуғын болды. - Тәбийи ресурслар. Булардың өлшеми, мөлшери бар. Тәбийий ресурсларды абайлап, сақлаў ҳәр пуқараның миннети – дейди ол өз сөзинде.
Сондай-ақ, пуқаралар ҳаяллар, жаслар дәптерлерине кириў, өзин-өзи бәнт етиў мақсетинде субсидия тийкарында әсбап-үскенелер алыў, денсаўлығындағы наўқаслығын емлетиўге материаллық жәрдем алыў, турақ жай ҳәм тағы да басқа мәселелер бойынша мүрәжатлар келип түсти.