29.03.2024, Жума

"Үш әўлад ушырасыўы" өткерилди

Бүгин 2023-жыл 9-февраль күни пайтахтымыздың пайызлы орынларынан биринде Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министрлиги ҳәм "Нураный қоры" тәрепинен "Үш әўлад ушырасыўы" өткерилди.

 


Ушырасыўды Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов ашып берди. Сондай-ақ, ушырасыўға ҚР Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министри орынбасары, "Нураный қоры" ҚР бөлими баслығы Т.Абдижаббаров, район (қала)лардан зыялылар, көпти көрген, өз заманының белсендилери есапланған нураныйлар ҳәм жаслар қатнасты.


Ушырасыўдан мақсет елимиз келешеги болған жаслардың тәрбиясында кексе әўлад ўәкиллериниң орнын асырыў, олардың кәмил инсан болып тәрбияланыўында мүнәсип орын ийелеўин тәмийнлеўден ибарат. Әлбетте, үш дәўирде жасап өмирдиң ойлы-бәлентин көрген, билим-тәжирийбе арттырған бундай инсанлардан сабақ алса арзыйды.