28.03.2024, Пийшемби

2023-жыл 2-февраль күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов Франция раўажланыў агентлигиниң ўәкиллери менен ушырасты.

Бүгин 2023-жыл 2-февраль күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов Франция раўажланыў агентлигиниң ўәкиллери менен ушырасты. Онда, Аралдың қурып қалған ултанын сексеўил егиў арқалы жасыл қапламалар пайда етиў бойынша жаңа технолоияларды еңгизиў ҳәм ирригация тармағын қайта оңлаў арқалы алыс аймақларғада суў жеткерип бериў бойынша жаңа жойбарлар қабыл етилди.