29.03.2024, Жума

Депутатлар халық машқалаларын үйренбекте

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев айырықша итибары аталарша ғамқорлығы нәтийжесинде Қарақалпақстан Республикасына көплеген жеңилликлер менен бирге социаллық инфраструктурада жаңаланған реформаларды халқымызға еледе ен жайдырыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев басшылығында мәжилис өткерилди. Мәжилисте барлық депутатларға өз көрсетпелерин берип, аймақларда халық пенен ушырасыў арқалы машқалаларын үйрениў кереклигин атап өтти. Буннан соң, ҳәр бир депутат өз аймағының турғынлары менен ушырасып, мүрәжатлерин тыңлады ҳәм көп ўақытлар даўамында шешилмей атырған мәселелерди Республикалық көлемде көрип шығылатуғынлығын халыққа кеңнен түсиндирди. Соның, Президентимиздиң Қарақалпақстан аймағы ушын арнайы қабыл етилген ПФ-213-санлы пәрманында келтирилген жеңилликлер ҳаққында депутатларымыз тәрепинен түсиндирилди.