28.03.2024, Пийшемби

«Жасыл мәкан» миллий жойбары даўам еттирилмекте

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев мәмлекетимизде халық жасаў орынларындағы жасыл майданлар санын көбейтиў, тереклер санын арттырыў ҳәм оларды тәрбиялаў мақсетинде «Жасыл мәкан» акциясын нәтийжели шөлкемлестириўди белгилеп берген еди.


Әлбетте, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жәмәәиде өз белсендилиги менен тереклер егип, «Әҳмийетли 40 күн» акциясы даўам еттирилди.

Буннан гөзленген мақсет, бүгинги күнниң глобал машқаласы болған климат өзгериўиниң алдын алыўда егилген ҳәр бир терек ҳаўадағы карбонат ангидрид ҳәм басқа да зыянлы газларды жутып, кислород ислеп шығарады ҳәм бизиң таза ҳаўадан дем алыўымызға жәрдем береди.


Республикамыздың барлық орынларында «Жасыл мәкан» акциясы шеңбериндеги жумысларға ҳәмме бирдей ат салысып, терек егиў жумыслары шөлкемлескенлик пенен алып барылмақта.