29.03.2024, Жума

2022-жыл 28-cентябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде θзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң Руўхыйлық ҳәм мәмлекетлик тилди раўажландырыў департаменти Исши топары тәрепинен тараўға байланыслы мәселелер бойынша жыйналыс өткерилди.

2022-жыл 28-cентябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде θзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң Руўхыйлық ҳәм мәмлекетлик тилди раўажландырыў департаменти Исши топары тәрепинен тараўға байланыслы мәселелер бойынша жыйналыс өткерилди.

Жыйналысты Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының руўхый-ағартыўшылық жумыслары нәтийжелилигин арттырыў,  мәмлекетлик тил ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине әмел етилиўин тәмийинлеў мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси П.Дабылов ашты ҳәм алып барды.   

 

Жыйналыста θзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң Руўхыйлық ҳәм мәмлекетлик тилди раўажландырыў департаменти баслығының орынбасары З.Рўзиев тәрепинен тараўға байланыслы норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер ҳаққында ҳәм «Қадринг баланд болсин,  она тилим» таңлаўының Республика басқышы ҳаққында айтып өтти. 

 

Жыйналысқа Әлишер Наўайы атындағы Ташкент мәмлекетлик θзбек тили ҳәм әдебияты университети жанындағы Мәмлекетлик тилде ис жүргизиў тийкарларын оқытыў ҳәм қәнигелигин арттырыў орайы директоры И.Азимов,  Әлишер Наўайы атындағы Ташкент мәмлекетлик θзбек тили ҳәм әдебияты университети жанындағы Мәмлекетлик тилде ис жүргизиў тийкарларын оқытыў ҳәм қәнигелигин арттырыў орайы Қарақалпақстан бөлими баслығы Ф.Бабажанов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы район (қала) ҳәким мәсләҳәтшилери қатнасты.


  Жыйналыс даўамында тараўға тийисли машқалалар көтерилип жыйналыс қатнасыўшылары тәрепинен өзлерин қызықтырған сораўларға толық жуўaплар алынды.