29.03.2024, Жума

Инсан мәпи баслы мақсетимиз

2022-жылдың 9-август сәнесиндеги Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң мәжлис баяны менен Шымбай районында жасаўшы ҳалықтың социаллық жағдайын жақсылаў мақсетинде жәрдем есабында 1 млрд. сўм пул ажыратылды.




Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының биринши орынбасары А.Орынбаев басшылығында Шымбай районы аймағындағы 56-санлы Бердақ округиндеги мәҳәллелерге 45 вагон ЩПС (Қум щебен араласпасы) алып келинип, Гужимли АПЖ, Қазы мәўлик көшесине төселип, көше тегисленди. Көкши қала МПЖ аймағындағы Р.Зарипов көшесин тегислеў жумыслары алып барылмақта.


Алдағы ўақытта және 55 вагон ЩПС (Қум щебен араласпасы) алып келинип, усы Бердақ округине қараслы жети маҳәлледеги 37,9 км ишки жолларға төсеў режелестирилген.

Оннан тысқары көшелердеги ҳалыққа хызмет көрсетиўди яғный электр энергиясы менен тәмийинлеўди жақсылаў мақсетинде 20 дана жаңа трансформатор, 1200 дана заманагөй темир бетон бағаналары алып келинип, орнатыў жумыслары алып барылмақта.

 Халқымыз ушын бундай ийгиликли ислер еледе даўам етеди.