29.03.2024, Жума

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Шымбай факультети ашылады


Өзбекстан Республикасы Президентиниң тапсырмасы менен Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Шымбай факультети шөлкемлестирилмекте. Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги тәрепинен 2022-жыл 28-февраль күнги тастыйықланған «Қызылөзек» аўыл хожалығы кәсип-өнер колледжи негизинде Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң «Шымбай факультети» шөлкемлестирилди.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик жоқары билимлендириў шөлкемлерине оқыўға қабыл етиў процессин муўапықластырыў бойынша Мәмлекетлик комиссиясының 2022-жыл 4-июль күнги 1-санлы мәжилис баянламасы менен Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Шымбай факультетине 2022/2023-оқыў жылы ушын өз алдына квота ажыратылды.

Бунда жәми 95 орын болып, соннан 20 грант, 75 төлемли шәртнама тийкарында оқыўға қабыл етиледи. Факультетте 2022/2023-оқыў жылында Психология: әмелий психология, Шет тили ҳәм әдебияты: инглис тили, Математика, Филология ҳәм тиллерди оқытыў: қарақалпақ тили бакалавр тәлим бағдарлары бойынша жоқары мағлыўматлы кадрлар таярланады.

Ҳәзирги ўақытта районда жаңа оқыў жылына таярлық жумыслары алып барылмақта.

 

Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме  хызмети