29.03.2024, Жума

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары - Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети баслығы М.Ахмедова бүгин көшпели қабыллаў өткерди

Бүгинги күнде физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатларын қабыллаў басшылар менен халықтың ашық сәўбетлесиўин тәмийинлеў мақсетинде орынларда көшпели қабыллаўлар шөлкемлестирилмекте.

 

Нөкис қаласындағы 23-санлы мектепте Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары - Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети баслығы М.Ахмедова бүгин жеке қабыллаўын өткерди.

 

Қабыллаў даўамында 50 ге шамалас пуқаралар мүрәжат етти. 18 пуқараның мүрәжаты тийисли шөлкемлер менен бирге орнында сапластырылды. Қалған пуқаралардың мүрәжатлардың шешими бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берилди.