28.03.2024, Пийшемби

Қоңырат районында заманагөй аэропорт қурылады


Қоңырат районы ҳәкиминиң 2021-жыл 13-декабрь күнги Қоңырат районы аймағынан Аэропорт қурыў ушын жер майданын ажыратып бериў ҳаққындағы муражаатына Қурылыс министрлиги ҳәм басқа да жуўапкер шөлкемлердиң  унамлы жуўмақлары алынды ҳәм усыларға тийкар Қарақалпақстан Республикаси Министрлер Кеңесиниң 228-13-Қ\21-санлы қарары қабыл етилди.

Қарарға муўапық Қоңырат районы аймағынан аэропорт қурылысы ушын 256, 0 га жер ажыратылып берилди. Қурылысы жобаластырылған аэропортта ҳаўа кемелери ҳәм жолаўшылар ушын барлық қолайлықлар жаратылады.

Аэропорт аймағында ушыў майданшасы,  күтиў залы,  аўқатланыў шақапшасы,  саўда ҳәм дем алыў орынлары қурылады.

 

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети