28.03.2024, Пийшемби

Қәллибек Камалов ҳаққында және бир жаӊа китап


Жақында Ташкент қаласындағы «Янги Аср» баспаханасынан Өзбекстан Жазыўшылары аўқамыныӊ ағзасы, шайыр ҳәм аўдармашы, Өзбекстанға хызмет көрсеткен мәденият хызметкери, Қарақалпақстанға мийнети сиӊген журналист Янгибой Қўчқоровтыӊ «Бургутга бош эгмаган Барс» атамасындағы жаӊа романы басып шығарылды.

Автор өзиниӊ бул жаӊа дөретпесинде  “Эл-юрт ҳурмати” ордени ийеси, Мийнет Қаҳарманы, елимиздиӊ ақсақалы Қәллибек Камаловтыӊ қыйын ҳәм мақтанышлы мийнет жолы туўралы кеӊ түрде сөз етеди. Шығармада жазыўшы бир инсан өмири арқалы қарақалпақ халқыныӊ соӊғы жүз жыллығындағы турмысына нәзер салады. Атап айтқанда, автор бас қаҳарман образы арқалы  У.Юсупов, Ш.Рашидов, Д.Қонаев, П.Сейтов, М.Жуманазаров, Н.Жапақов, Н.Маҳмудов сыяқлы ири тулғалардыӊ ел ушын ислеген саўаплы ислерине тоқтап өтеди.

Романда тек ғана Нөкис, Төрткүл, Тақыятас, Хожели, Шоманай, Қанлыкөл, Қоӊырат, Мойнақтыӊ емес, ал, Беруний, Әмиўдәрья, Елликқала, Қараөзек, Тахтакөпир, Шымбай, Кегейли ҳәм Нөкис районларыныӊ да тарийхы ҳәм бүгинги күнине байланыслы мағлыўматлар жазылған.

Сондай-ақ, ҳүжжетли романда бас қаҳарманныӊ балалық дәўири, яғный, өткен әсирдиӊ отызыншы жылларындағы елимиз басына түскен аўыр турмыс көркемлеў қураллары арқалы кеӊнен сәўлеленеди. Әсиресе, бас қаҳарманныӊ әкеси Камал Нуржан улыныӊ көркем образы қарақалпақлардыӊ қаншелли дәрежеде дана, мийнеткеш ҳәм кеӊпейил халық екенлигин дәлийллейди.

Ал, 1985-1989-жыллардағы К.Салықов ҳәм Т.Гдлян басшылығындағы “десантшылар” жол қойған наҳақлықлары анық эпизодлар жәрдеминде ашып бериледи.

Еӊ баслысы, ҳүжжетли романда бүгинги абадан елимиздиӊ раўажланыўына салмақлы үлес қосқан көплеген азаматлардыӊ атлары ҳәм ислеген мәртлик ислери бар.

Бул китап бүгинги ҳәм келешек әўлад ушын ана-Ўатанға сүйиспеншилик сезимлерин оятады, деп ойлаймыз.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы