29.03.2024, Жума

Судларда жаслардың қатнасыўында жүз берген 385 жынаят иси көрилди

Жәмийетте жаслардың хуқықый санасы ҳәм мәдениятын жетилистириў, оларды нызамларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў, бүгинги демократиялық жәмийет қурыў жолындағы жедел реформалар дәўиринде олардың да белсендилигин арттырыў баслы мәселелердиң бири.

Усы тийкарда Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқарғы кенесиниң арнаўлы тапсырмасына муўапық, Қарақалпақстан Республикасы судлары судьялары квалификациялық коллегиясы тәрепинен “Қарақалпақстан Республикасында жаслар арасында ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳәм жасларда өз ҳуқықларын қорғаў көнликпелерин қәлиплестириўде судлардың ролин күшейтиў ҳаққында”ғы реже ислеп шығылды. Мине усы реже тийкарында Қарақалпақстан Республикасы судында семинар шөлкемлестирилди.  Әдил судлаўдың жасларға болған тәрбиялық әҳмийетин кең түрде түсиндириў ҳәм үгит-нәсият етиў баслы мақсети етип белгиленген семинарға судьялар менен бирге, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги ҳуқықбузарлықлар профилактикаси басқармасынан, озбекстан Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасыи басқармасы ҳәм Жаслар ислери агентлигиниң район (қала) бөлимлери баслықлары, қала ҳәм район ҳәкимликлериниң Жас өспиримлер ислери бойынша комиссиясы ўәкиллери, жаслар қатнасты. Видеоконцеренция байланыс режиминде өткерилген иләжда жаслар арасында жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәр тәреплеме тараўлар кесиминде талқыланды.

 

Баянатшылар тәрепинен атап өтилгениндей, ҳәр ҳәптениң Пийшемби күни елимизде “Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы күни” сыпатында белгилениўи, усы бағдарда орынларда турақлы түрде профилактикалық иләжлардын шөлкемлестирилиўи балаларды ҳуқықый ҳәм социаллық жақтан көрғаўды күшейттириў менен бирге, жаслар арасында ҳуқықбузарлық ҳәм жынаятшылықтың алдын алыў, ата-аналар менен қәўендерлердиң жуўапкершилигин еледе асырыў бағдарындағы бирге ислесиў иләжларын күшейтиўде әҳмийетли болды.

 

2021-жылдың 9 айы даўамында Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша судлары тәрепинен жәми 1280 шахсқа қарата  жынаят иси көрилген болса, соннан 469 шахсқа қарата 385 ис көрилген. Бул өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 114 иске көбейген. Соннан 253 жынаят иси бойынша ҳуким шығарылып, 131 жынаят иси өндиристен қысқартылған. Жаслар тәрепинен исленген жынаятлардың басым көпшилиги урлық, жол ҳәрекети қағыйдаларын бузыў, бийзарылық, алдаўшылық жынаятларынан ибарат, бул өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 75 % ке көбейген. Сондай-ақ, бул көрсеткиш Қоңырат, Төрткүл, Әмиўдәрья, Хожели ҳәм Елликқала районларында өткен жылға салыстырғанда көбейгенлиги сынға алынды.

 

Семинарда тийисли тараў ўәкиллери бул бағдарда исленип атырған профилактикалық үгит-нәсият жумыслары менен, жаслардың бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў бойынша алып барылып атырған жумыслар ҳәм олардың статистикасы бойынша кең турде мағлыўмат берди.

 

Жасларда өз гезегинде, бундай ҳуқықбузарлық ҳәм жынаятшылыққа себеп болып атырған факторлар жөнинде қанигелерден қызықтырған сораўларына тийисли жуўаплар алды. Буннан соң, жаслар Қарақалпақстан Республикасы судының жумыслары менен жақыннан танысыў мақсетинде суд залларында болып, ашық суд мәжилислеринде қатнасты. Оларға суд системасына енгизилип атырған заманагөй мәлимлеме коммунакация технологиялары жөнинде де кен түрде мағлыўмат берилди.

 

Махмуд Байниязов,

Қарақалпақстан Республикасы суды судьясы

 

Баўыржан Сабуров,

Қарақалпақстан Республикасы судлары судьялары квалификациялық коллегиясының хаткери