28.03.2024, Пийшемби

Шымбайда жаңа жойбарлар бойынша медиа-тур шөлкемлестирилди

 Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Раўажланыў бағдарламасы ҳәм Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги тәрепинен Қарақалпақстанның бес районында БМШ ның Аралбойы регионы ушын инсан қәўипсизлиги бойынша көп шериклик траст фонды ҳәм Япония ҳүкиметиниң қаржылай жәрдеминде әмелге асырылып атырған жойбарлар менен танысыў мақсетинде мәмлекетлик ҳәм жеке меншик ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ушын медиа-тур шөлкемлестирилди.

 

Өткерилген медиа-тур даўамында қатнасыўшылар Шымбай районы «Майжап» АПЖда жайласқан «Қошқар жыққын» аўылы аймағында суў тазалаў қурылмасындағы алып барылған қайта қурыў жумыслары менен жақыннан танысты.

 

Айтып өтиў орынлы, бул жерде тезлиги саатына 8 кубометр болған суў тазалаў үскенеси ҳәм суў тәмийнаты тармағы орнатылған болып, пуқараларды таза ишимлик суўы менен тәмийнлеўде әҳмийети үлкен есапланады.Сондай-ақ, райондағы «Жаңа мәкан» елатлы пункти «Гүжимли» мәкан пуқаралар жыйынында да 10600 метр узынлықтағы суў қубырлары жаңадан тартылған болып, нәтийжеде 1200 ден аслам жергиликли турғынлар таза ишимлик суўы менен тәмийинлеўге ерисилди.

 

БМШ ның Раўажланыў бағдарламасының Қарақалпақстанның шетки районлары ҳәм аўылларында жаңа экологиялық инновация ҳәм технологиялар зонасын шөлкемлестириў бойынша Аралбойы регионын раўажландырыўға қаратылған ис-илажларды буннан былай да даўам еттирилиўи белгиленген.

 

Өткерилген медиа-турда ғалаба хабар қураллары ўәкиллери район халқының турмыс абаданлығын тәмийнлеўде әҳмийетли болған жаңа объектлер бойынша кең түсиникке ийе болды.