28.03.2024, Пийшемби

Қарақалпақстанда бас мий қан айланысы кеселликлери бойынша 8 наўқасқа операция исленди

Республикалық хирургиялық ангионеврология қәнигелестирилген орайынан Өзбекстан ҳәм Россия илимлер академиясы академиги, м.и.д., профессор Шавкат Ибрагимович Каримов басшылығындағы қәнигелер созылмалы бас мий қан айланысы жетиспеўшилиги кеселликлери бойынша орынларда халыққа жоқары маман қәнигелестирилген медициналық жәрдем көрсетиў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасына келди.

 

Қәнигелер бақлаўында усы жылдың июнь айында ашылған Республикалық хирургиялық ангионеврология қәнигелестирилген орайының Қарақалпақстан филиалында 8 наўқасқа жоқары технологиялы операцияларды әмелге асырды. Операцияларға академик Шавкат Каримов басшылық етип, оның қол астында жергиликли шыпакерлер Фархад Бабажанов, Жеңис Палымбетов ҳәм Тажимов Ғуламлар хирургиялық әмелиятларды филиал шараятында биринши мәрте табыслы орынлап шықты.

 

– Бас мий қан айланысы жетиспеўшилиги кеселликлери бойынша қарақалпақстанлы шыпакерлердиң билимин жетилистириўге үлкен итибар қаратып атырмыз. Усы мақсетте июнь айында қол қойылған меморандумның мақсетлеринен келип шығып, қарақалпақстанлы 10 қәниге орайымызда өз билимин жетилистирди ҳәм арнаўлы сертификатларға ийе болды. Мине бүгин усы қәнигелер тәрепинен жоқары технологиялы операциялардың әмелге асырылып атырғанын көрип қатты қуўанып атырман. Себеби, ендигиден былай жергиликли шыпакерлер де жергиликли шараятта бас мий қан айланысы кеселликлери ҳәм олардың асқыныўларын емлеўде операцияларды әмелге асыра алады. Бул операцияларды өткериўде биз социаллық жағдайы төмен, қыйналған наўқасларды биринши гезекте емлеўди мақсет етип алдық. Ендиги мақсет болса, орай филиалы қәнигелер менен тығыз бирге ислесиўди даўам еттириў,  кеселликлердиң профилактикасы, диагностикасы ҳәм емлеўдиң заманагөй усылларын орынларда әмелиятқа енгизиўди изшил даўам еттириў болып табылады, – дейди академик Шавкат Каримов.

 

Орайдан келген қәнигелер тәрепинен операциялар барысында бас мий қан айланысы кеселликлери менен аўырған бир қатар наўқаслар көриктен өткерилди. Көриклер даўамында оларға тийисли мәсләҳәт-усыныслар берилип, кеселликлердиң профилактикасы бойынша кең түсиндириў жумыслары алып барылды.

 

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги Мәлимлеме хызмети