29.03.2024, Жума

Сайлаўшы сайлаў бюллетенин сүўретке түсирип, социаллық тармақларға жайластырыўына бола ма?


 Сайлаўшының бундай ҳәрекетлери қатаң түрде қадаған етиледи. Сайлаў бюллетенин даўыс берип болғаннан соң сүўретке түсирип, социаллық тармақларға жайластырыў сайлаўдың жасырын даўыс бериў принципин бузыў болып табылады. Ҳәзирги ўақытта барлық сайлаў участкаларында даўыс бериў кабиналарына сүўретке түсириўди қадаған етиў ҳаққындағы плакатлар орналастырылмақта.

‼️ Ҳүрметли пуқаралар, сайлаўдың жасырын даўыс бериў принципин сақлаған ҳалда, сайлаў бюллетенин даўыс берип болғаннан соң сүўретке түсирип, социаллық тармақларға жайластырмаўыңызды сораймыз.