28.03.2024, Пийшемби

Сайлаўды шөлкемлестириў, оларды өткериў ҳаққындағы нызамшылықты бузыў жынаый жуўапкершиликке себеп болады


Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 146-статясына тийкар:

 Сайлаў ямаса референдум шөлкемлестириў,  оларды өткериў ўақтында лаўазымлы шахслар,  сиясий партиялар ямаса пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының ўәкиллери,  басламашы топарлар ямаса сайлаў яки референдум комиссиялары ағзалары тәрепинен даўыс бериўдиң жасырынлығын бузыў,  сайлаў ямаса референдум ҳүжжетлерин қәлбекилестириў,  сайлаў ямаса қол таңба бетлерине қәлбеки жазыўлар киргизиў,  берилген даўысларды биле тура надурыс есаплаў:

 -базалық есаплаў муғдарының жигирма бес есесине шекемги муғдарда жәрийма;

-үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбүрий жәмийетлик жумыслар;

-бир жылдан үш жылға шекем еркинликти шеклеў;

-үш жылға шекем еркинликтен айырыў жазасы менен жазаланады.

 

Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги