28.03.2024, Пийшемби

Мойнақ жолына асфальт төселди


«Жол салған саўап» дегендей Мойнақлы жол хызметкерлери район аймағындағы улыўма пайдаланыўдағы автомобиль жолларында басқышпа басқыш оӊлаў жумысларын алып барыў бағдарында нәтийжели жумыс алып бармақта.

 Райондағы ишки хожалық жолларында «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» мәмлекетлик бағдарламалары шеӊберинде оӊлаў жумысларын жүргизип атырған болса, улыўма пайдаланыўдағы автомобиль жолларында да жумыслар қызғын түрде даўам еттирилип атыр.

  Жақында райондағы жергиликли әҳмийетке ийе 4-Н 1 (4-Р 173 «Мойнақ-Қоӊырат жолы» жолыныӊ 36 км – Дослық ДФХ) автомобиль жолында Мойнақ районы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы тәрепинен күнделикли оӊлаў жумыслары алып барылып, асфальтобетон қапламасы төселди.

 

Қарақалпақ Автожол