29.03.2024, Жума

Муғаллимлер ҳәм устазлар күни мүнәсибети менен тәлим-тәрбия системасында айрықша өрнек көрсеткен хызметкерлерден бир топарын СЫЙЛЫҚЛАЎ ҲАҚҚЫНДА


Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Мәмлекетимизде билимлендириў системасын халықаралық стандартлар тийкарында раўажландырыў, тараўға байланыслы реформаларды табыслы әмелге  асырыў, оқыў-тәрбия процесинде алдынғы сырт ел технологияларын кеңнен ен жайдырыў жумысларына қосқан мүнәсип үлеси, оқыўшыларға илим тийкарларын ҳәм заманагөй кәсип-өнерлерди үйретиў, олардың интелектуаллық потенциалын жетилистириўдеги интакерлиги ҳәм пидайылығы, жоқары тәжирийбели кадрларды таярлаў, физикалық ҳәм руўхый жақтан бәркамал әўладты қәлиплестириў, жасларымызды ўатансүйиўшилик, миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында уллы ата-бабаларымызға мүнәсип мийрасхорлар етип тәрбиялаў бағдарындағы ибратлы жумысы ҳәм жәмийетлик турмысқа белсене қатнасқаны ушын төмендегилер ҳүрметли атақ, орден ҳәм медальлар менен сыйлықлансын:

Қарақалпақстан Республикасы бойынша:

«Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен халық билимлендириў хызметкери» ҳүрметли атағы менен

Асетова Сарбике Алеуовна-Қанлыкөл районындағы 4-улыўма  орта билимлендириў мектебиниң физика пәни муғаллими

«Фидокорона хизматлари учун» ордени менен

Курамбаев Каримбай-Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының өзбек әдебияты кафедрасы профессоры

«Меҳнат шуҳрати» ордени менен

Кудярова Елизавета Савитовна-Қарақалпақстан Республикасы 10-көзи әззи ҳәм төмен көретуғын балалар ушын қәнигелестирилген мектеп-интернатының рус тили пәни муғаллими

II дәрежели «Соғлом авлод учун» ордени менен

Көшерова Абадан Тынышбаевна – Мойнақ районындағы 3-улыўма орта билимлендириў мектебиниң география пәни муғаллими

«Дўстлик» ордени менен

Абдирова Гүлайым Чаржауовна-Нөкис қаласындағы 1-қәнигелестирилген улыўма орта билимлендириў мектебиниң директоры

Каландарова Райхан Амановна-Әмиўдәрья районындағы 36-улыўма орта билимлендириў мектебиниң 7-А класс басшысы, химия пәни муғаллими

«Содиқ хизматлари учун» медалы менен

Хожалепесова Индира Оралбаевна-Мойнақ районындағы кәсип-өнер мектебиниң директоры

Қулмуратов Айбек Өмирханович-Шоманай районындағы 1-улыўма орта билимлендириў мектебиниң көркем өнер ҳәм сызыў пәнлериниң оқытыўшысы

Қурбаниязов Даўытбай Қалбаевич-Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Жәмийетлик-мәдений раўажланыў ҳәм жәмийетлик бирлеспелер мәселелери комитетиниң баслығы

«Шуҳрат» медалы менен

Аметов Саламат Муратбаевич-Кегейли районындағы 14-улыўма орта билимлендириў мектебиниң физика пәни муғаллими

Атаниязова Гүлшат Сейтниязовна-Ибрайым Юсупов атындағы дөретиўшилик мектебиниң қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни муғаллими

Каримова Айша Розимбаевна – Елликқала районындағы 40-улыўма билимлендириў мектебиниң 4-А класс басшысы, баслаўыш класс муғаллими

Махамматдинова Лола Махамматдиновна – Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы бақсышылық бағдарының оқытыўшысы

Убайдуллаева Наргиза Қабуловна-Қарақалпақстан Республикасы 1-Меҳрийбанлық үйи тәрбияшысы

Ҳакимова Гулчехра Азимовна – Төрткүл районындағы 40-улыўма орта билимлендириў мектебиниң 7-Д класс басшысы, инглис тили пәни муғаллими

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2021-жыл 29-сентябрь