28.03.2024, Пийшемби

Меҳрийбанлық үйи тәрбияланыўшылары "Ақ кеме" балалар дем алыў ҳәм саўалландырыў орайында

2021жыл 24-сентябрь күни Ташкент ўәлаятындағы 15-санлы ҳәм Хожели районындағы 1-санлы меҳрийбанлық үйлериндеги 200 ден аслам  тәрбияланыўшылар Мойнақ районындағы "Ақ кеме" балалар дем алыў ҳәм саўалландырыў орайына дем алысқа жетип келген еди.




Бир ҳәптелик кеўилли дем алыста меҳрийбанлық үйи тәрбияланыўшылары, Мойнақ районындағы бир қанша орынларда болып, район тарийхы менен жақыннан танысты.

Лагерде балалардың интелектуал билим көнликпелерин раўажландырыў, түрли бағдарларда билим алыўы ушын барлық қолайлықлар жаратылған. футбол, баскетбол, волейбол майданшалары менен бирге жүзиў бассейнлери балалар ықтыярында.



Лагер менен хошласыў кешесине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы М.Камалов қатнасып, кирис сөз бенен ашып берди. Буннан соң республикамыздың мәденият тараўы хызметкерлери тәрепинен концерт бағдарламасы инәм етилди.

Көтериңки руўхта өткен кеше даўамында лагерде шөлкемлестирилген ҳәр қыйлы жарыс жеңимпазларына баҳалы сыйлықлар тапсырылды. Соның менен бирге барлық тәрбияланыўшыларға естелик саўғалары берилди.