29.03.2024, Жума

Нураный анамыз сыйлықланды


Ғәрезсизлигимиздиң 30 жыллық байрамы мүнәсибети менен бир топар мәмлекетлик уйымлар ҳәм социаллық, экономикалық тараўдағы хызметкерлер соның менен бирге бир қатар кексе  нураныйларымыз мәмлекетлик сыйлықлар менен сыйлықланбақта. Усылар қатарында   нураный анамыз Оразгул Сапарбаева да Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 30 жыллығы көкирек белгиси менен сыйлықланды. Нураный анамызды байрам менен қутлықлаў мақсетинде  Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы З.Реймова ҳәм район ҳәкими А.Тажетдиновлар  О.Сапарбаеваның шаңарағында болды. Нураный анамызды байрам менен қутлықлап көкирек белгисин  ҳәм байрам саўғаларын тапсырып, өзлериниң  жақсы тилеклерин билдирди.

Шымбай районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети