29.03.2024, Жума

Қаўынларымыз Россия менен Қазақстанға экспортқа шығарылмақта

Шымбай районы әзелден өзиниң аўыл хожалығы өнимлери менен белгили. Мийнеткеш дийқанлар ерте бәҳәрден жерге кеўил бөлип тәрбиялайды ҳәм мол жемисин алып, елдиң дастүрханының толы болыўына өзлериниң мүнәсип үлесин қосып келмекте.

Районда июнь айынан баслап қаўынлар писти. Бүгинги күнде палдан татлы қаўынлар «Майжап» аўыл пуқаралар жыйынында жетистирилмекте. Писиб жетискенлер болса халқымызға жеткерип берилмекте.


Бүгин мәмлекетимизде исбилерменлерге кең имканиятлар жаратылған. Бул имканиятлардан өз ўақтында ақылға уғрас пайдаланыў тек ғана исбилерменге емес ал, мәмлекетимиздиң эконмикасына да өзиниң унамлы тәсирин көрсетеди. Берилген жеңилликлерден үнемли пайдаланған дийқанларымыз жетистирген қаўынларын сырт еллерге экспортқа шығарыўды да жолға қойды.


Шымбай районы «Майжап» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында отыздан аслам фермерлер жумыс алып бармақта. Атап айтқанда «Абди –Есен» кластери 270 гектар жер майданының 40 геткарына қаўын егип бәҳәрден баслап ҳәрекет етти. Бүгинги күнде жетистирген қаўынлары менен тек ғана Шымбай базарын тәмийинлеп қоймастан Россия ҳәм Қазақстан мәмлекетлерине де экспорт етпекте.