29.03.2024, Жума

“Қарақалпақтан” посёлкасында халық машқалалары үйренилди

Халықтың машқалаларын үйрениў, олардың бүгинги күнинен разы болып, жақын келешекке үлкен исеним менен қараўы ушын қолайлы шараятлар жаратыў, халықты социал-экономикалық қоллап-қуўатлаў бүгин мәмлекетлик уйымлар алдындағы әҳмийетли мәселелерден бири саналады.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен ең уллы ҳәм ең әзийз байрамымыз – мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң 30 жыллық байрамына таярлық көриў мақсетинде  Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы баслығы О.Хожиматов Қоңырат районына жуўапкер етип бекитилди.





Атап өтиў орынлы, жыл басынан усы посёлка турғынларынан веб-сайт, Президент қабыллаўханасы, халық қабыллаўханасы, исеним телефонлары ҳәмде  көшпели қабыллаўлар арқалы жәми 110  мурәжат келип түскен болып, олардың көпшилиги бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары ҳәмде қаржылантырыў тараўларына байланыслы болып табылды.

Соннан 33  мурәжат жумыс орны менен  тәмийнлеў, 9 мурәжат социаллық қорғаў напақаларын алыў бойынша, 8 мурәжат билимлендириў мәселелери бойынша билдирилген болып, банк кредитлеры ҳәм мәмлекетлик уйымлар хызметкерлери искерлигинен наразылық бойынша 7 мурәжат, мәжбурий орынлаў, алимент ҳәм қарыз суммаларын өндириў бойынша 6, мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳәм исбилерменлик мәселелери бойынша жәми 4  мурәжат келип түскен.





Нөкис қаласынан 430 км аралықта жайласқан алыс “Қарақалпақстан” посёлкасында республика бажыхана басқармасы тәрепинен өткерилген бүгинги көшпели қабыллаўда  аймақ турғынларының мурәжатларында сәўлеленген жумыс пенен тәмийнлениў, ден-саўлықты сақлаў, электр энергиясы, кадастр ҳәм газ тәмийнатындағы машқалалар, сондай-ақ, жасларды оқытыў ҳәм социаллық қорғаў менен байланыслы мурәжатлары толық үйренип шығылды. Ўәкиллик шеңбериндеги мурәжатлар унамлы шешилди, қосымша үйрениў талап етилетуғын мурәжатлар бойынша тийисли жуўапкер шөлкемлер менен биргеликте аймақта өткерилетуғын ис-иләжлар белгилеп алынды.

 

 

Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы

Мәлимлеме хызмети