28.03.2024, Пийшемби

Министрлер Кеңеси Баслығы Соңғы қоңыраў кешесине қатнасты

Бүгин елимиздеги барлық мектеплерде «Соңғы қоңыраў»лар жаңлап, оқыўшы жаслар жаңа турмысқа қәдем таслап атыр.

 

Министрлер Кеңеси Баслығы Қахраман Сариев Нөкис қаласындағы 37-санлы мектепте болып өткен соңғы қоңыраў кешесине қатнасты. Өз алдына үлкен мақсетлерди қойған питкериўшилерди бүгинги қуўанышлы байрам менен қутлықлап, Президентимиздиң питкериўши ул-қызларға жоллаған байрам тилеклерин жеткерди. Сондай-ақ, Министрлер Кеңеси Баслығы мәмлекетимизде жоқары оқыў орынларына кириў ушын жасларға жаратылып атырған имканиятлар бойынша кеңнен тоқталып өтти.


 




Сондай-ақ, байрам кешесинде питкериўшилердиң концерт бағдарламалары мийманлар нәзерине усынылды.