29.03.2024, Жума

9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни

9-май – «Еслеў ҳәм қәдирлеў күни» Нөкис қаласында жоқары шөлкемлескенлик пенен белгиленди. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы Мурат Камалов Ҳәсиретли ана ҳәйкелине гүлшеңбер қойып ҳүрмет билдирди.





Мәресимнен кейин әскерий хызметкерлердиң «Салтанатлы марш» жүриўи болып өтти.




Буннан кейин жеңистиң 76 жыллығы мүнәсибети менен «Ўатансүйиўшилер бағы»ның ашылыў мәресими болып өтти. Бул жерде Екинши дүнья жүзлик урыста жеңиске ерисиўде үлкен әҳмийетке ийе болған әскерий техникалардың көргизбеси орнатылған. Соның менен бирге, урыста қаза тапқан мәрд Ўатан перзентлерине тийисли мағлыўматлар жәмленген «Еслеў үйи» де шөлкемлестирилген.






Бүгинги ашық аспанымыздың, тыныш ҳәм татыў турмысымыздың себепшилери болған екинши жер жүзлик урыс қатнасыўшыларын биз қәншелли ҳүрметлесекте аз.