29.03.2024, Жума

Автотранспорт қуралын басқарыў ҳуқықын бериўши исеним хатты (доверенность) талап етиў тәртиби бийкар етиледи

«Жол ҳәрекети қәўипсизлиги тараўында мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыў ис-илажлары ҳаққында»ғы  271-санлы, 04.05.2021 ж. Ҳүкиметлик қарар қабыл етилди.

 

Қарар менен, 2021-жылдың 1-сентябрь сәнесинен баслап автотранспорт қуралын басқарыўшылардан автомототранспортты басқарыў ушын исеним хат (нотариаллық тәртипте тастыйықланған), техникалық көриктен өткерилгенлиги ҳаққындағы мағлыўмат, автотранспорт қуралы айналарының көринисин өзгертиўге (қарайтырыўға) руқсатнама электрон түрге өткериледи ҳәм бул ҳүжжетлерди транспорт қуралын басқарыўшыдан талап етиў бийкар етиледи.