28.03.2024, Пийшемби

Нөкистеги балалар бақшасы тәрбияшысында коронавирус анықланды

Нөкис қалалық Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийетлик саламатлық бөлиминиң жуўмағына муўапық, усы жылдың 3-май күни Нөкис қаласындағы 49-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми тәрбияшысында бирлемши «COVID-19» инфекциясы анықланған.

 

ҚР Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги баспасөз хызметиниң хабар бериўинше, Республикалық арнаўлы комиссияның баянламасына тийкар усы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң жумыслары 3-май сәнесинен баслап 14 күнлик онлайн режимге өткерилген.