29.03.2024, Жума

Кегейли районында медиа-тур

29-апрель күни Кегейли районында ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ушын  "Кегейли районында 2021-жыл басынан баслап бүгинги күнге шекем тараўлар бойынша алып барылған жумыслар нәтийжелиги" бойынша медиа тур шөлкемлетирилди. Онда Республикамызда өз искерлигин көрсетип атырған ғалаба хабар қураллары ўәкиллери, журналис ҳәм блогерлер қатнасты.



Күнниң бирнши ярымыда медиа-тур қатнасыўшылары районда тараўлар бойынша алып барылып атырған жумыслар менен танысты.


Онда журналистлерге Кегейли районы ҳәкими, сектор баслықлары тәрепинен аймақтағы раўажланыўлардың әҳмийети хәм социал –экономикалық  бағдарларда алып барылып атырған, жумыслардың мазмун-мәниси кеңнен түсиндирип берилди.

Медиа-тур жуўмағы  баспасөз конференция шөлкемлестирилди. Онда мийманлар район басшыларына сораўлар менен бирге өзлериниң пикир усынысларын билдириди.





 

Кегейли районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети