29.03.2024, Жума

Қоңырат районының ишимлик суўы тәмийнаты жақсыланады


Қоңырат районында бүгинги күнде 128,9 мыңнан аслам халық жасаса, соның 107,9 мыңы (83,7%) таза ишимлик суўы менен тәмийинленген.  Қоңырат районы Әжинияз аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы пуқаралардың суў тәмийнатын жақсылаў мақсетинде 2021-жыл «Абат аўыл» бағдарламасы есабынан 4,6 км ишимлик суўы тармағын тартыў жумыслары режелестирилген.

Усы жумыслардың орынланыўы нәтийжесинде аймақтағы 2094 мың хожалықтың ишимлик суўы тәмийнаты жақсыланады.

 

Қарақалпақ суў тәмийнаты Мәлимлеме хызмети