29.03.2024, Жума

«Нөкис – Хожели» көпири қайта оңланды

Пуқаралар ҳәм автотранспорт басқарыўшыларының хәрекет қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары аймақлық бас басқармасына қараслы болған Хожели районы орайында жайласқан Республикалық әҳмийеттеги 4Р 174 «Нөкис – Хожели» автомобиль жолының 12,8 км.де жайласқан көпирде 2020-жылдың ноябрь айында ағымдағы оңлаў  жумыслары басланған еди.

 

Көпирдиң қалған оңлаў жумыслары усы жылдың бағдарламасына киргизилип, 720м2 аралығында Қарақалпақстан Республикасы көпирлерден пайдаланыў унитар кәрханасы тәрепинен асфальтобетон қапламасы жаңадан төселди, жатық сызықлары (разметка)  сызылып 2021-жыл апрель айында пайдаланыўға тапсырылды.

 

Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары аймақлық бас басқармасы