29.03.2024, Жума

Нөкис районы «Қоңыратбай Мехри» шарўа фермер хожалығына 1 млн долларға 250 бас нәсилли қара мал алып келинеди

Нөкис районы «Кердер» АПЖ аймағындағы «Қоңыратбай Мехри» шарўа фермер хожалығы гөзленген нәтийжелерге ерисип келмекте.

Ҳәзирги ўақытта 75 адам жумыс пенен тәмийнленген бул хожалықта 473 бас қарамал күтимли бағылмақта. Соннан 80 басы Украина мәмлекетинен алып келинген  нәсилли қара маллар есапланды.

 

 Усы жылы  банктен кредит есабынан Франция мәмлекетинен 1млн долларға 250 бас «Монбельярд» нәсилли қара мал алып  келиўи режелестирилген болып, апрель айында 95 бас қара мал алып келинди.

Шарўа фермер хожалығының баслығы Айтмуратов Есенбайдың айтыўынша, усы жылы қара маллардың бас санын көбейтиў бойынша бир қанша жумысларды әмелге асырыў ҳәм 14,2 млрд сўмға сүт өнимин  қайта ислеўши үскене алып келиў режелестирилген.

 

Нөкис  районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети