28.03.2024, Пийшемби

Халықлар дослығы күни мүнәсибети менен бир топар белсендилерди сыйлықлаў ҳаққында

Өзбекстан Республикасы Президентиниң

пәрманы

Мәмлекетимизде миллетлераралық дослық ҳәм татыўлықты, түрли миллет ҳәм халық ўәкиллери арасында өз-ара аўызбиршилик, кеңпейиллик, мийрим-шәпәәт орталығын беккемлеў, миллий мәдениятлар, үрп-әдет ҳәм дәтүрлерди сақлаў және раўажландырыўға қосқан мүнәсип үлеси, сырт еллер менен еки тәреплеме пайдалы қатнасықлар ҳәм мәдений-ағартыўшылық байланысларды және де кеңейтиў, Жаңа Өзбекстанның тынышлық сүйер ҳәм халықшыл сиясатын халықаралық көлемде кеңнен үгит-нәсиятлаў бағдарындағы үлкен хызметлери, жас әўладты ўатансүйиўшилик ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў жолындағы ибратлы жумыслары және жәмийетлик турмысқа белсене қатнасқаны ушын төмендегилер сыйлықлансын:

Қарақалпақстан Республикасы бойынша:

«Дўстлик» ордени менен

Адилбаев Жаңабай - Қараөзек районындағы «Қуралпа» аўыл пуқаралар жыйынының баслығы

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                            Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2022-жыл 29-июль