19.03.2024, Вторник

Утверждение улучшенной структуры управления Совет министров Республики Каракалпакстан

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының 2018-жыл 24-сентябрьдеги “Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң структурасы ҳаққындағы” 378-санлы қарары ҳаққында


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының 2018-жыл 24-центябрьдеги “Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң структурасы ҳаққындағы” 378-санлы қарарына муўапық Министрлер Кеңеси

ҚАРАР ЕТЕДИ: 


1. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының 2018-жыл 24-центябрьдеги “Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң структурасы ҳаққындағы” 378-санлы қарары орынлаў ушын басшылыққа алынсын. 

2. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының усы қарары менен Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң структурасы 64 (хызмет көрсетиўши хызметкерлерден тысқары) басқарыў хызметкерлери саны менен қосымшаға муўапық тастыйықланғанлығы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

3. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси аппаратының деталластырылған структурасы қосымшаға муўапық тастыйықлансын. 

4. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Ислер Басқарыўшысы Финанс министрлиги менен биргеликте Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси аппараты хызметкерлериниң штатлар кестесин усы қарарға муўапық қайта көрип шықсын ҳәм тастыйықласын.

5. Усы қарардың қабыл етилиўи мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2018-жыл 11-центябрьдеги 550-санлы қарары өз күшин жойытқан деп есаплансын. 

6. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Министрлер Кеңеси Баслығының биринши орынбасары А.Тажетдинов хәм Ислер Басқарыўшысы М.Джуманиязовқа жүкленсин. 


Қарақалпақстан Республикасы 

Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев