19.03.2024, Сийшемби

Туризм потенциалы

Қарақалпақстан Республикасының туризм потенциалы


Бүгүнги күнде Қарақалпақстан Республикасы ҳәзирги дәўир менен әййемги өтмишти байланыстырып туратуғын жанлы байланыс объекти болып табылады. Буның айқын дәлили сыпатында усы үлкеден 131 археологиялық излениўлер нәтийжесинде табылған обектлерди,  25 архитектуралық объектлерин,  89 монументал көркем өнер естеликлерин ҳәм 40 қа шамалас дыққатқа ылайықлы орынларды келтыриў мүмкин.


Ҳәзирги ўақытта Қарақалпақстан Республикасында 40 тан аслам туристлик шөлкем жумыс алып бармақта, Бул Қарақалпақстан Республикасы туристлик потенциалының қаншелли дәрежеде жоқары екенлигин көрсетеди. Республикада жайласқан дерлик 18 әсирлик тарийхтан саза беретуғын Аязқала-1,  Аязқала-2 ҳәм Аязқала-3 тарийхый-мәдений естелик орынлары өз архитектурасын жақсы сақлап қалған ҳәм бизиң эрамызға шекемги IV әсирге тийисли болған Топырақ қала ҳәм Султан Увайсбаба,  Кеширмес ата ҳәм Даўыт ата сыяқлы зиярат орынлары туристлер санының артыўында өз үлеслерын қосып келмекте.

Бир ўақытлары көлеми бойынша 4-орында туратуғын,  ҳәзирде шегиниўди даўам етип атырған Арал теңизине саяҳатлар шөлкемлестирилип келинбекте. Бүл саяҳат даўамында сиз Арал теңизине жол сайламайтуғын авто машиналар менен саяхат етиўиниз,  теңиз суўында шомылыў ҳәм Арал теңизи бойларында ашылған туристлик комплекслерде дем алыў сыяқлы хизметлер фирмалар тәрепинен жолға қойылған ҳәм туристлердиң итибарын өзине тартып келмекде.  


Арал теңизин өзинде сәўлелендиретуғын Мойнақ үлкетаныў музейи менен Арал теңизиниң тасқын суўларында жүзип,  ҳәзирги ўақытта бизге тек ғана теңыз ҳаққында сөйлеўши «Кемелер қәбиристаны» сыяқлы көплеген дыққатқа ылайықлы орынлар шет елли туристлерди өзине тартып келмекте.


Қарақалпақстан Республикасына сапар еткен ҳәр бир турист И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейине кирип,  әлбетте,  ол жердеги бийбаҳа экспонатларды тамаша етип кетиўи дәстүрге айланған. Музейде халық әмелий көркем өнери,  әййемги ҳәм орта әсирлер Хорезм көркем өнери,  1920-1930-жыллардағы өзбек ҳәм русс үўретлеў көркем өнери,  қарақалпақ заманагөй сүўретлеў ҳәм мүсиншилик өнери,  илимий-ағартыўшылық бөлимлер,  1920-1930-жылларда дөретилген зергерлик,  ағаш оймашылық өнерлери,  тоқымашылық ҳәм миллий кийимлер сыяқлы 90 мыңнан аслам экспонатлар ҳәзирде туристлердиң тийкарғы дыққат орайында болып табылады.


Әййемги кәрўан сарайлардың орнын ийелеп киятырған мийманханаларға да ҳәзирги күнде талап оғада жоқары. Әйнеўақытта Қарақалпақстан Республикасында 30 ға шамалас мийманханалар ҳәм мийман үйлер болып,  олар тәрепинен жергыликли ҳәм елимизге келген шет елли туристлерге заманагөй ҳәм сапалы хызмет көрсетилип келинбекте. Бырғана 2018-жылдың II шерегине болса усы мийманханаларымызда 7561 туристлерге хызмет көрсетилген болып,  олардан 942 сын шет елли туристлерди қурайды. Усы көрсеткиштиң өзи-ақ Қарақалпақстан Республикасында туризм потенциалының қаншелли жоқары екенинен дәрек береды.


Транспорт тараўына нәзер аўдаратуғын болсақ,  алдынғы ўақытларда туристлер мәнзилге жеткенше бирнеше айлап ўақыт жумсаған болса,  ал  бүгынгыкүндебулўақыттекғанабырнешесааттықурайды. Себебы,  ҳәзирги дәўирдеги туристлик фирмалар арнаўлы автобус ҳәм микроавтобуслар менен тәмийинленген. Арал теңизине саяхат шөлкемлестириўде усы туристлик фирмалар жол таңламайтуғын транспортлардан пайдаланып келмекте.

Қарақалпақстан Республикасы тек тарийхый ҳәм әпсанаўий қалалары менен ғана емес,  ал онда экотуризм де раўажланбақта. Ҳәзирги ўақытта Қарақалпақстан Республикасында11 мың 568 гектар қорықхана зонасы болып,  усы қорықханаларда 826 бас Бухара суўыны,  суў бассейнлеринде болса 43 түрдеги балықлар,  жер баўырлаўшылардың 11 түри,  түлки,  сағал сыяқлы 10 нан аслам ҳайўан түрлери бар. Елликқала районы Наўайы аўылы «Бостан-страус» фермер хожалығында түйе қуслар,  Елликқала районы орайында-ғы ӘмирТемур ботаника бағында дүньяның ҳәр қыйлы регионларында өсетуғын 200 түп терек,  200 ге шамалас путалар ҳәм 80 нен аслам ҳәр қыйлы рең-бәрең гүллер өсирилмекте.