19.03.2024, Сийшемби

Аймақлық-административлик дүзилиси

Қарақалпақстан Республикасы Өзбекистанның арқа-батыс бөлиминде, Әмиўдәрьяның төменги жағында, Арал теңизиниң түслик жағаларында жайласқан. Республика түслик-батыс тәрептен Қарақум шөлине тутасқан. Оның арқа-батысында Үстирт тегислиги, арқа-шығыс тәрепинде болса Қызылқум шөли бар. Арал теңизиниң түслик аймағы қарақалпақ жеринде жайласқан. Қарақалпақстанның улыўма жер майданы 166,6 мың квадрат километрден ибарат болып, ол аймағының үлкенлиги жағынан Өзбекстан Республикасы ўәлаятлары арасында биринши орында турады. Хорезм, Наўайы ҳәм Бухара ўәлаятлары менен шегаралас.

Республиканың ҳәкимшилик-аймақлық дүзилиси 16 район ҳәм 1 қаладан ибарат. Булар - Әмиўдәрья, Беруний, Қараөзек, Кегейли, Бозатаў, Қоңырат, Қанлыкөл, Мойнақ, Нөкис, Тахтакөпир, Төрткүл, Хожели, Тақыятас, Шымбай, Шоманай, Елликқала районлары менен Нөкис қаласы.

 

Қарақалпақстан Республикасының картасы