29.03.2024, Жума

Өзбекстан-Қытай бизнес форумы: нәтийжели бирге ислесиў


Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң мәжилислер залында Өзбекстан-Қытай бизнес форумы болып өтти.

Бизнес-форумда Қытай Халық Республикасынан келген бир топар исбилерменлер менен Қарақалпақстан Республикасының белсенди исбилермен топарлары ҳәм Ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Илажда Өзбекстан Республикасының Қытай Халық Республикасындағы исенимли ҳәм тең ҳуқықлы елшиси Б.Саидов, Өзбекстан Республикасы Президенти Админстрациясының жуўаплы хызметкери Ш.Абдуллаев Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының Инвестициялар, инновациялар, меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў, еркин эканомикалық ҳәм киши санаат зоналарын ҳәм туризмди раўажландырыў мәселелери бойынша орынбасары Б.Хабибуллаев сондай-ақ, Қытайлы және жергиликли ири исбилермен топарлар шығып сөйледи.

Атап өтилгениндей, соңғы пайытта еки ел басшыларының басламалары менен Өзбекстан ҳәм Қытай Халық Республикалары арасында экономикалық ҳәм инвестициялық бағдарда тығыз бирге ислесиў даўам етпекте. Қарақалпақстан Республикасының инвестициялық потенциалы жоқары болып, ол қытайлы бирге ислесиўши инвесторларда қызығыўшылық оятпақта. Бүгин Қарақалпақстан Республикасының исбилерменлери менен өткерилип атырған бизнес-форум усы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўға хызмет етеди.

Бизнес-форум даўамында Қарақалпақстан Республикасы менен Қытай Халық Республикасының инвестициялық потенциалы, соның ишинде, қытайлы ири компаниялардың ислеп-шығарыў қуўатлылықлары кеңнен таныстырылды ҳәм елимиздиң бир қатар белсенди исбилерменлерине, сондай-ақ, нөкис қаласы ҳәм район ҳәкимлериниң Инвестициялар, инновациялар, меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў, еркин эканомикалық ҳәм киши санаат зоналарын ҳәм туризмди раўажландырыў мәселелери бойынша орынбасарларына қытайлы исбилерменлер таярлап келген баҳалы саўғалар тапсырылды.

Әҳмийетли тәрепи сонда, усы жердиң өзинде Тахтакөпир ҳәм Тақыятас районы ҳәкимлериниң Инвестициялар, инновациялар, меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў, еркин эканомикалық ҳәм киши санаат зоналарын ҳәм туризмди раўажландырыў мәселелери бойынша орынбасарлары менен Қытай Халық Республикасының ири исбилерменлери арасында келешекте бирге ислесиў бойынша меморандумға қол қойылды.

Өзбекстан-Қытай бизнес форумына Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Т.Ерниязов қатнасты ҳәм шығып сөйледи.