Данияров Абатбай Сапарбаевич | ||
Мәнзил: | Нөкис қаласы, Ғарезсизлик көшеси 50 жай
| |
Телефон: | 0 (361) 222-59-06 | |
E-хат: | ||
E-mail: |
| |
Қабыллаў күнлери: | Шийшенби, саат 10:00 - 12:00 | |
Автобиография |
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары
Жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери Комплекс басшысының функциялық ўазыйпалары ҳаққында
1-баб. Улыўма қағыйдалар
1. Бул Реже Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары
– Жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери Комплекс баслығының (кейинги орынларда Комплекс баслығы деп аталады) функтсиялық ўазыйпаларын белгилейди.
2. Комплекс баслығы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы
Кеңесиниң Баслығына ҳәм Министрлер Кеңесиниң Баслығына есап береди.
3. Комплекс баслығы өз жумысында Өзбекстан Республикасы менен Қарақалпақстан Республикасының Конституттсиялары ҳәм нызамларына, Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси палаталарының қарарларына ҳәм басқа да ҳүжжетлерине, Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманларына, қарарлары менен бийликлерине, Министрлер Кабинетиниң қараларына ҳәм бийликлерине, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң қарарларына ҳәм басқа да ҳүжжетлерине, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң қарарлары менен бийликлерине, сондай-ақ, усы Режеге әмел етеди.
4. Комлекс баслығы комплекстеги жумыслардың жағдайы ушын жуўап береди, тийисли мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, шөлкемлер жумысының муўапықластырылыўын ҳәм қадағаланыўын, Комплекстиң жумысына киретуғын мәселелер бойынша Министлер Кеңесине киргизилген усыныслар менен ҳүжжетлер жойбарларының ҳәр тәреплеме көрип шығылыўын тәмийинлейди.
5. Комплекс басшысының жумысы жаслар, сотсиаллық раўажландырыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша мәселелерди шешиўге бағдарланған.
6. Комплекс басшысы статусына бола Қарақалпақстан Республикасы Ҳүкиметиниң ағзасы болып табылады.
Комплекс басшысы Министрер Кеңеси ҳәм оның Президиумы мәжилислеринде тиккелей қатнасады.
2-бап. Комплекс басшысының ўазыйпалары ҳәм функтсиялары
7. Төмендегилер Комплекс бсшысының тийкарғы ўазыйпалары болып табылады:
а) Жаслар сиясаты тараўында:
жаслар, яғный отыз жастан аспаған шахслар, атап айтқанда, билимлендириўге қамтып алынған жаслар, жәмлеспеген жаслар, жас қәнигелер, исбилермен жаслар, жас фермерлер, жас шаңарақларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бойынша илажларды әмелге асырыў;
улыўма билим бериў мектеплериниң 9-клас питкериўшилерин кәсипке бағдарлаў ҳәм оларды соңғылығында орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириў системасында оқыў менен толық қамтып алыў, кәсип-өнер колледжи питкериўшилерин жумысқа орналастырыў бойынша системалы жумысларды шөлкемлестириў;
академиялық литсейлердиң жумыс нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған комлексли илажларды әмелге асырады, соның ишинде, оларды аймақлар кесиминде оптимал орналастырыў, талантлы жасларды қамтып алыў, оқыў протсесиниң сапасын арттырыў;
жоқары билимлендириў бағдарлары ҳәм жоқары мағлыўматлы кадрлар таярлаў көрсеткишлериниң аймақлар бойынша оптимал бөлистирилиўи бойынша тийкарланған усыныслар ислеп шығыў, питкериўшилердиң терең профессионал билимге ийе болыўына қаратылған илажларды әмелге асырыў;
билимлендириў системасының барлық басқышларында оқыў протсесиниң сапасын, оқыўшы студентлердиң даўамлылығын тәмийилеў бойынша анық илажлар көриў ҳәм қадағалаў, бул бағдарда билимлендириў мәкемесиниң, мәҳәллениң, мәмлекетлик емес коммертсиялық емес шөлкемлердиң, профилактика инспекторлары менен ата-аналардың өз-ара бирге ислесиў жумысларын муўапықластырыў;
халықтың, әсиресе, жаслардың китапқумарлық мәдениятын арттырыў, миллий әдебиятымыздың ҳәм жәҳән әдебиятының ең жақсы үлгилерин кеңнен үгит-нәсиятлаў, «ғалабалық мәденият»тың көринислерине қарсы руўхый профилактикалық жумысларға басшылық етиў;
билимлендириў системасының барлық басқышларында шет тиллерге, комп'ютер технологияларынан ҳәм интернет ресурсларынан пайдаланыўдың алдынғы көнликпелерине үйретиў бойынша комплексли илажлардың орынланыўын қадағалаў;
жаслардың бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў бойынша олардың пикир-усынысларын инабатқа алған ҳалда анық ҳәм мәнзилли илажлар бағдарламаларын ислеп шығыў, ҳәр қыйлы дөгереклерге, соның ишинде, балалар музыка ҳәм көркем өнер, балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеплерине қамтып алыў жумысларын системалы шөлкемлестириў;
жасларды жоқары әдеп-икрамлылық жақтан тәрбиялаў, оларды идеологиялық қәўип-қәтерлерден қорғаў ҳәм жәмийетте жоқары руўхыйлық орталығын қәлиплестириў бағдарындағы жумысларға басшылық етиў;
жасларды еркин турмысқа таярлаў, халықтың жәмийетлик белсендилигин артырыў, жаслар тәрбиясы мәселелесинде жәмийетлик қадағалаўды шөлкемлестириў, жәмийетте тынышлықты ҳәм татыўлықты тәмийинлеў тараўындағы ўазыйпаларды нәтийжели орынлаўға бағдарланған илажларды әмелге асырыў;
ата-аналардың педагогикалық мәдениятын арттырыўға, бәркамал әўлад тәбиясында «шаңарақ-мәҳәлле-билимлендириў мәкемеси» жәмийетлик кеңеси жумысларын әмелге асырыўға басшылық етиў;
жәмлеспеген жаслардың мәплерин әмелге асырыўда қатнасатуғын мәмлекетлик уйымлардың, мәкемелелердиң ҳәм мәмлекетлик емес коммертсиялық емес шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыўға және жаслардың жәмийетлик белсендилигин арттырыўға қаратылған тийкарғы бағдарларды белгилеў;
жәмлеспеген жаслардың машқалаларын анықлаў ҳәм шешиў ушын олардың талапларын анықлаў бойынша мониторинг алып барыў ҳәм баҳалаў, кәсипке үйретиў, жумысқа орналастырыў, соның ишинде, киши ҳәм орта бизнеске ҳәм шаңарақлық исбилерменликке кеңнен тартыўға, ҳуқықбузарлық ҳәм жынаятшылықтың алдын алыўға қаратылған илажларды белгилеў;
жас қәнигелерди жумысқа орналастырыўдың системалы мониторингин шөлкемлестириўге, мийнет базарында олардың бәсекиге шыдамлылығын тәмийинлеўге қаратылған арнаўлы бағдарламаларды ислеп шығыў ҳәм оны әмелиятқа енгизиў, жас кадрларды таярлаў, қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў бойынша жумысларды әмелге асырыў;
жаслардың исбилерменлигин ҳәм жас фермерлердиң жумысын раўажландырыў ушын қолайлы шараятлар жаратыў, жаслардың исбилерменлигин шөлкемлестириўге көмеклесиў, жеңилликли кредитлер бериў, орын ажыратыў, материаллық ҳәм техникалық қураллар менен тәмийинлеўге байланыслы бағдарламаларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў:
жас шаңарақларды руўхыйлық ҳәм материаллық жақтан қоллап-қуўатлаў, олар ушын мүнәсип турақ жай ҳәм сотсиаллық-турмыслық шараятларды шөлкемлестириў бойынша илажлар системасын әмелге асырыў, кем тәмийинленген жас шаңарақларға нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте материаллық жәрдем бериў илажларын көриў.
б) Сотсиаллық раўажландырыў тараўында:
халыққа сотсиаллық хызмет көрсетиўдиң дәрежесин ҳәм сапасын артырыў, өмири ҳәм мийнет жолы, жоқары медитсиналық жәрдем алыўды, мәдений мийраслар менен танысыўды, дене тәрбиясы ҳәм спорт пенен шуғылланыўды, дем алыўын шөлкемлестириў ушын қолайлы шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый ҳәм сотсиаллық шараятларды жаратыў ҳәм сапа жағынан жаңа дәрежеге көтериў бойынша системалы жумысларды әмелге асырыў;
халықтың сотсиаллық мүтәжликлери менен талапларын үйрениў тийкарында аймақларда сотсиаллық раўажландырыў бағдарламаларын ислеп шығыў ҳәм орынланыўын мониторинг етиў;
денсаўлықты сақлаў системасын реформалаў, халыққа жоқары маманлықтағы медитсиналық жәрдемди көрсетиў, денсаўлықты сақлаў мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў, оларды заманагөй медитсиналық әсбап-үскенелер менен тәмийинлеў ҳәм кадрлардың потентсиалын арттырыў бағдарында системалы жумысларды әмелге асырыў;
аўыллық шыпакерлик пунктлериниң ҳәм шаңарақлық поликлиникалардың жумыс нәтийжелилигин арттырыў, ҳәр бир инсан ҳәм пүткил шаңарақ шеңберинде ең көп ушырайтуғын кеселликлердиң профилактикасын ҳәм емлеў протсесин шөлкемлестириў, шаңарақларды патронаж системасы менен толық қамтып алыў, халықтың медитсиналық мәдениятын арттырыў, саламат турмыс тәризин, соның ишинде, саламат аўқатланыўды үгит-нәсиятлаў илажларын әмелге асырыў;
халықтың репродуктивлик самаламатлығын беккемлеў, аналардың, балалардың ҳәм жас өспиримлердиң денсаўлығын қорғаў, туўма ҳәм нәсиллик кеселликлердиң алдын алыў, раўажланыў нуқсаны болған балаларды медитсиналық-сотсиаллық реабилитатсиялаў сапасын арттырыў, олардың жәмийетлик турмыста толық қатнасыўы ушын зәрүр шараятларды жаратыў;
халыққа диагноз қойыўдың заманагөй усылларын енгизиў ҳәм жоқары маманлықтағы қәнегелестирилген медитсиналық жәрдемниң көлемин буннан былай да кеңейтиў. Жәҳән стандартлары дәрежесиндеги ең нәтийжели, қурмалы ҳәм жоқары технологиялы усылларға болған халықтың талабын қанаатландырыўға бағдарланған илажлардың орынланыўын тәмийинлеў;
халықты дәри-дәрмақлар менен тәмийинлеўди буннан былай да жақсылаў, жергиликли өндирисшилер тәрепинен ислеп шығарылған сапалы дәри-дәрмақлар ҳәм медитсиналық буйымлар менен тәмийнат дәрежесин арттырыў, жергиликли фарматсевтика санаатына инвеститсиялар киргизиў ушын шет ел жетекши компаниялары менен инвесторларын тартыў бойынша илажларды әмелге асырыў;
спорт тараўында алып барылып атырған жумыслардың көлемин буннан былай да кеңейтиў, спорттың ғалабалығын арттырыў, қызлар арасында спортты раўажландырыў, барлық аймақларда, әсиресе, ең алыс аўылларда халықаралық талапларға жуўап беретуғын материаллық-техникалық базаға ийе ең заманагөй спорт об'ектлерин қурыў;
халықтың турмыслық мәдениятын ҳәм сапасын артырыўға қаратылған билимлендириў, кеўилли дем алыў, бәнтлик, турмыслық хызметлер көрсетиў, мәденият, көркем өнер ҳәм спорт тараўлары мәкемелеринен пайдаланыў көлемин кеңейтиўге қаратылған комплексли илажларды әмелге асырыў;
мәкан пуқаралар жыйынлары, ҳаял-қызлар, нуранийлер, жаслар шөлкемлери, пуқаралық жәмийетлери институтлары, ғалаба хабар қуралларының тыныш-татыў турмысымызды сақлаўға ҳәм беккемлеўге қаратылған ўазыйпалардың орынланыўын муўапықластырыў.
в) Руўхый-ағартыўшылық ислер тараўында:
халық арасында елимизде әмелге асырылып атырған мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларын, кең көлемли реформалардың мазмун-мәнисин, қабыл етилген нызам ҳүжжетлер менен мәмлекетлик бағдарламалар әҳмийетиниң үгит-нәсиятланыўын шөлкемлестириў;
халықтың руўхыйлық машқалалары менен талапларын үйренип барыў тийкарында аймақта руўхый орталық саламатлығын тәмийинлеў, шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый усылына қарамай барлық шөлкемлердиң руўхый-ағартыўшылық жумысын муўапықластырыў ҳәм басшылық етиў;
халықтың руўхый-әдеп-икрамлылық, диний-ағартыўшылық, мәдений дәрежесин арттырыў ҳәм оның турақлы түрде өсип атырған интеллектуал, естетиалық ҳәм мәдений талапларын тәмийинлеў, руўхый-ағартыўшылық мийрасты, үрп-әдетлер менен қәдриятларды сақлаў, үгит-нәсиятлаў жумысларына басшылық етиў;
аймақта саламат турмыс тәризин, миллетлераралық татыўлықты, өз-ара мийрим-шәпәәт орталығын беккемлеўге қаратылған ғалабалық илажларды тәмийинлеў ҳәм шөлкемлестириў мәселелелерин муўпықластырыў, илажлардың мақсетли, тәртипли шөлкемлестирилиўин ҳәм тәрбиялық нәтийжелилигин тәмийинлеў илажларын көриў;
аймақта жынаятшылықтың ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, адамларды сергекликке ҳәм абайлы болыўға шақырыў, жасларда жат идеяларға қарсы идеологиялық иммунитетти беккемлеў, ҳуқықый мәдениятты арттырыў, пуқараларда нызамға ҳүрмет, ҳуқықбузарлық жағдайларына жол қоймаў сезимин күшейтиўге қаратылған нәтийжели үгит-нәсият системасын жолға қойыў;
халық арасында диний екстремизм, терроризм, нәшебентлик, адам саўдасы, нызамсыз мигратсия, «ғалабалық мәденият» қәўипинен ескертиўге қаратылған профилактикалық ағартыўшылыққа, тәрбиялық илажларға басшылық етиў;
халық арасында мийрим-шәпәәт, мүрийбет ҳәм ҳүрмет, инсап ҳәм диянат, ҳүжданлылық, аўызбиршилик ҳәм татыўлық, пидайылық, ўатан сүйиўшилик, жоқары мәртебелилик ҳәм басқа да пазыйлетлерди үгит-нәсиятлаў және руўхый-ағартыўшылық жумысларды раўажландырыўда мәҳәлле институтының орнын ҳәм ролин арттырыў бағдарындағы жумысларға басшылық етиў;
елимизде алып барылып атырған руўхый-ағартыўшылық жумыслар бойынша сиясаттың мақсет ҳәм ўазыйпаларынан келип шығып, аймақта шөлкемлестирилетуғын илажлардың мазмунын, нәтийжелилигин талқылаў, салалардың системалы жумысын шөлкемлестириў.
8. Комплекс басшысы өзине жүкленген ўазыйпаларға муўапық:
Өзбекстан Республикасы Президенти Аппаратының тийисли хызметлери, Министрлер Кабинети ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси менен жаслар сиясаты, сотсиаллық раўажландырыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери мәселелери бойынша өз-ара бирге ислеседи;
Комплекс қурамына киретуғын шөлкемлердиң кадрларын таңлаў;
орны-орнына қойыў, тайынлаў ҳәм ўазыйпасынан азат етиў бойынша комплексли илажларды орынлаўда республикалық ҳәм орайлық структуралардың басқармасы менен бирге ислеседи.
Комплекске қараслы басшы лаўазымларға әмелдеги ҳәм перспективалы кадрлар резервин жетилистириў бойынша усыныслар киргизеди. Резервке киргизилген талабанларды таярлап барыў жумысларын шөлкемлестиреди.
Министрлер Кеңеси Баслығы қарарлары менен бийликлери жойбарларына келисим ушын қол қояды.
Өз ўәкиллиги шеңберинде Өзбекстан Республикасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы ҳүкимет уйымларында Министрлер Кеңесинен ўәкиллик етеди.
Министрлер Кеңесиниң жаслар сиясаты, сотсиаллық раўажландырыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислер мәселелери бойынша секретариат баслықларын ҳәм бас қәнигелерин қайта таярлаў, олардың маманлығын арттырыў, хошаметлеў ҳәм оларға қарата тәртиплик жаза шараларын қолланыў ҳаққында Министрлер Кабинетиниң Баслығына усыныслар киргизеди.
9. Министрлер Кеңесиниң Баслығы ҳәм Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары басшылық ететуғын комиссиялардың (кеңеслердиң) жумысын, сондай-ақ, олардың қарарларының орынланыўын шөлкемлестириў бойынша қадағалаўды тәмийинлейди.
3-бап. Комплекс басшысының ҳуқықлары ҳәм жуўапкершилиги
10. Комплекс басшысы өзине жүкленген ўазыйпалар менен функтсияларды орынлаў ушын төмендеги ҳуқықларға ийе:
Министрлер Кеңесинде көрип шығылатуғын мәселелерди талқылаў ҳәм таярлаў ушын зәрүр болған материалллар менен мағлыўматларды мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымларынан ҳәм басқа да уйымлар менен шөлкемлерден белгиленген тәртипте сораў ҳәм алыў;
мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, мәмлекетлик атқарыўшы ҳәкимият уйымлары, басқа да уйымлар ҳәм шөлкемлер басшылары менен ўәкиллериниң қатнасыўында мәжилислер өткериў;
жуўапкершилик жүкленген министрликлердиң, мәмлекетлик комитетлер менен ведомстволардың, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары коллегиялық уйымларының мәжилислеринде, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының ҳәм Министрлер Кеңеси Баслығының тапсырмалары бойынша – мәмлекетлик басқарыў уйымларының, мәмлекетлик емес коммертсиялық емес шөлкемлердиң ҳәм басқа да шөлкемлердиң Комплекс басқаратуғын тараўға киретуғын мәселелер бойынша өткерилетуғын мәжилислери менен жыйналысларында қатнасыў;
мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, илимий мәкемелелер ҳәм басқа да шөлкемлердиң басшылары менен ўәкиллерин Министрлер Кеңесинде көрип шығылатуғын мәселелерди ислеп шығыў ушын белгиленген тәртипте тартыў, тийисли мәселелер бойынша ўақтынша жумысшы топарлар дүзиў;
«Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы ның Нызам талаплары бузылған жағдайда түсетуғын ҳүжжетлерди қайтарыў.
Комплекс басшысының зәрүр материалларды, мағлыўматларды усыныў, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы менен Қарақалпақстан Республикасының нызамлары, Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманлары, қарарлары ҳәм бийликлери, Министрлер Кеңесиниң қарарлары ҳәм басқа да ҳүжжетлери, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң қарарлары ҳәм басқа да ҳүжжжетлери, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң қаралары ҳәм бийликлери жойбарларын пуқта ислеп шығыў бойынша талаплары менен тапсырмалары белгиленген мүддетлерде орынланыўы керек.
Комплекс басшысының өзи басқаратуғын мәселелер бойынша министрликлердиң, мәмлекетлик комитетлердиң, ведомстволардың, хожалық бирлеспелериниң, кәрханалардың ҳәм басқа да шөлкемлердиң басшыларына тапсырмалары белгиленген тәртипте орынланўы мәжбүрий болып табылады.
11. Комплекс басшысы:
өзине жүкленген ўазыйпалардың зәрүр дәрежеде ҳәм сапалы орынланыўы ушын;
Өзбекстан Республикасы менен Қарақалпақстан Республикасы нызамларының, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталарының қарарлары менен басқа да ҳүжжетлериниң, Өзбекстан Республикасы Президенти пәрманларының, қарарларының, бийликлери менен тапсырмаларының, Министрлер Кабинети, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси басқарыў тапсырмаларының жаслар сиясаты, сотсиаллық раўажландырыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислер комплексиниң қурамына киретуғын мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, шөлкемлер тәрепинен өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўын тәмийинлеў ушын;
Министрлер Кабинетиниң «Атқарыў тәртибин беккемлеў илажлары ҳаққында»ғы 1999-жыл 12-январь'дағы 12-санлы қарарына муўапық атқарыў тәртибиниң беккемлениўи ушын жуўап береди.
4-баб. Комплекс басшысының жумысын шөлкемлестириў
12. Комплекс басшысының ислери «Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасының Нызамы, Өзбекстан Республикасы Президентиниң, Өзбекстан Республикасы Бас министриниң, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң ҳәм Министрлер Кеңеси Баслықларының тапсырмаларына, усы Нызамға муўапық, сондай-ақ, Миистрлер Кеңесиниң режелери ҳәм жаслар сиясаты, сотсиаллық раўажландырыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислер комплексиниң ис режеси тийкарында шөлкемлестириледи.
Комплекстиң ис режеси комплекс басшысы тәрепинен тастыйықланады.
13. Комплекс басшысының Өзбекстан Республикасы менен Қарақалпақстан Республикасы нызамларының, Өзбекстан Республикасы Президенти парманларының, қарарлары менен бийликлериниң, ҳүкимет қарарларының жуўапкершилик жүкленетуғын мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымларында, шөлкемлерде, жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымларында әмелге асырылыўының системалы мониторингин тәмийинлеў бойынша жумысы Министрлер Кеңесиниң ис режесине, сондай-ақ, Миистрлер Кеңеси баслығының тапсырмаларына муўапық комплексли үйрениўлерди әмелге асырыў жолы менен, Министрлер Кеңесиниң Президиум мәжилислеринде жаслар сиясаты, сотсиаллық раўажландырыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери мәселелери комплексиниң есапларын тыңлаған ҳалда шөлкемлестириледи.
5-бап. Комплекс басшысы тәрепинен жумыслары шөлекемлестирилетуғын комиссиялар ҳәм кеңеслер
Кадрлар таярлаў миллий бағдарламасын әмелге асырыў бойынша Республикалық комиссиясы;
Республикалық епидемияға қарсы гүресиў айрықша комиссиясы;
АİВ инфектсиясының тарқалыўына қарсы гүресиўге байланыслы илажларды муўапықластырыў бойынша Республикалық киши комиссиясы;
Наркотик затларды қадағалаў бойынша Республикалық комиссиясы;
Географиялық об'ектлерге атама бериў ҳәм қайта атама бериў мәселелери бойынша Республикалық комиссиясы;
Тасқын суўлар, сел ағымлары менен көшиўлерди қәўипсиз өткериўди тәмийинлеў бойынша суў тасқынына қарсы гүрес бойынша Ҳүкиметлик комиссиясы;
Республиалық мәлимлеме-китапхана системасының жумысын муўапықластырыўшы ведомстволараралық Кеңеси;
2020-жылы Японияда өткерилетуғын ХХХИИ жазғы Олимпияда ҳәм ХВИ Паралимпия ойынларына Өзбекистан спортшыларын таярлаўды шөлкемлестириў ҳәм жетилистириў бойынша Республикалық комиссиясы;
«Наўрыз» улыўмахалықлық ҳәм «Ғәрезсизлик» байрамларын белгилеўди шөлкемлестириў бойынша турақлы жумыс алып баратуғын Республикалық комиссиясы;
Министрлер Кеңеси жанындағы жас өспиримлер ислери бойынша комиссиясы;
Өзбекистан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси;
«Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасының Нызамын әмелге асырыў ҳәм латын жазыўы тийкарында қарақалпақ әлипбесин енигизиў комиссиясы;
Денсаўлықты сақлаў системасын реформалаў, мәмлекетлик бағдармаларды әмелге асырыўды шөлкемлестириў ҳәм қадағалаў бойынша Республикалық комиссиясы;
Жәмийетлик көнликпе орайы ислери бойынша жумыс алып баратуғын Республикалық комиссиясы;
Республикалық әскерий хызметке шақырыў бойынша комиссиясы;
Туберкулез кеселлигиниң алдын алыўды ҳәм оған қарсы гүресиўди күшейтиў бойынша ведомстволараралық комиссиясы;
Балаларды жазғы дем алдырыў ҳәм саламатландырыў бойынша Республикалық турақлы комиссиясы.