29.03.2024, Жума

Қарақалпақстон Республикасы Дене тарбия ҳәм спорт министрлиги


 

 

­­­­­­

Байниязов Ғайратбай Хожанович

Қарақалпақстан Республикасы дене тǝрбия ҳǝм спорт министри

 Mәнзил:

230100, Нөкис қаласы, А. Досназаров көшеси 62 жай


 Teлефон:

0(361) 222 94 16

 E-mail:

qrsport@exat.uz; info@minsport-rk.uz

Қабыллаў күнлери:

Сийшенби 9:00-12:00

 

 


Реймов Қаҳраман

 Шериммат ўғли

Қарақалпақстан Республикасы дене тǝрбия ҳǝм спорт министр орынбосары

 Mәнзил:

230100, Нөкис қаласы, А. Досназаров көшеси 62 жай

 Teлефон:

0(361) 222 94 10

 E-mail:

qrsport@exat.uz; info@minsport-rk.uz

Қабыллаў күнлери:

Сǝршемби, пийшемби, жума  9:00-12:00

 

 

 Қарақалпақстан Республикасы дене тǝрбия ҳǝм спорт министриниң тийкарғы функционал ўазыйпалары

 

Өзбекстан ҳǝм Қарақалпақстан Республикасы Конституциялары ҳǝм нызамлары талапларына, сондай-ақ, басқа норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерге ǝмел қылыў;

Қарақалпақстан Республикасы жумысларына улыўма басшылық қылыў ҳǝм бақлап барыў, оларға Ɵзбекстан Республикасы Президенти ҳǝм Министрлер Кабинетиниң қарарлары Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң қарар ҳǝм пǝрманлары ҳǝмде басқа нызам ҳүжжетлери ҳǝм Дене тǝрбия ҳǝм спорт министриниң буйрықлары менен жүкленген ўазыйпалар ҳǝм функциялардың орынланыўын шөлкемлестириў;

район (қала) бөлимлери жумыслары менен байланыслы прогноз көрсеткишлерине ерисиўди сөзсиз тǝмийинлеў бойынша  амалий ис-илажлар ислеп шығыў ҳǝм қабыл қылыў;

Ɵзбекстан Республикасы Президенти ҳǝм Министрлер Кабинетиниң ҳүжжетлери ҳǝм тапсырмаларының орынланыўын тǝмийинлеў, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳүжжетлери ҳǝм тапсырмалары, атқарыў тǝртибин беккемлеў бойынша комплекс ǝмелий ис-илажларды тǝмийинлеў, сондай-ақ, Ɵзбекстан Республикасы Президентиниң “Ɵзбекстан Республикасы Президентиниң ҳүжжетлери ҳǝм тапсырмаларының толық ҳǝм нǝтийжели орынланыўы, сондай-ақ, атқарыўшылық тǝртибиниң беккемлениўи ушын Ɵзбекстан Республикасы Президенти Мǝмлекетлик мǝслǝҳǝтшилериниң, Министрлер Кабинети ҳǝм оның комплекслери, мǝмлекет ҳǝм хожалық басқарыўы органлары, сондай-ақ, барлық дǝрежелердеги ҳǝкимликлер басшыларының жеке жуўапкершилиги ҳаққында”ғы 2017-жыл 11-апрельдеги ПҚ–2881-санлы қарарына ҳǝм Министрлер Кабинетиниң “Атқарыўшылық тǝртипти беккемлеў ис-илажлары ҳаққында”ғы 1999-жыл 12-январьдағы 12-санлы қарарына муўапық тапсырмалардың өз ўақтында ҳǝм сыпатлы орынланыўы ушын министрлик бөлимлери хызметкерлериниң жеке жуўапкершиликлерин асырыў бойынша ис-илажларды көриў;

Дене тǝрбия ҳǝм спорт министрлиги президиум қарарлары, министр буйрықлары, министр ҳǝм оның орынбасарларының тапсырмаларының өз ўақтында ҳǝм сыпатлы орынланыўын тǝмийинлеў;

дене тǝрбия ҳǝм спорт тараўына киретуғын мǝселелер бойынша жергиликли мǝмлекетлик ҳǝкимияты органлары ҳǝм комплекс социал-экономикалық раўажландырыў бойынша секторлар менен бирге ислесиў;

өз орынбасары ўǝкилликлерин белгилеў, олар арасында ўазыйпаларды бөлистириў, министрликтиң лаўазымлы  шахсларының ўǝкилликлерин белгилеў, район (қала) бөлимлери жумысларының жеке участкаларына басшылық қылыў ушын өз орынбасары ҳǝм басқа лаўазымлы шахслардың жеке жуўапкершилиги дǝрежесин белгилеў;

район (қала) дене тǝрбия ҳǝм спорт жумысларын режелестириўди шөлкемлестириў, район (қала) дене тǝрбия ҳǝм спорт бөлимлери ҳǝм өз орынбасарының шереклик ис режелерин  тастыйықлаў, олардың орынланыўын бақлап барыўды тǝмийинлеў;

район (қала) дене тǝрбия ҳǝм спорт бөлимлеринде кадрларды таңлаў ҳǝм орны-орнына қойыў, олардың жемисли жумыслары ушын зǝрүр шǝрт-шараятлар жаратыў, бөлимниң  кадрлар резервлерин қǝлиплестириў;

министрликтиң орайлық аппараты номенклатурасына киретуғын бос лаўазымларына усыныс етилген кадрлардың, сондай-ақ, район (қала) дене тǝрбия ҳǝм спорт бөлимлерине жумысқа қабыл қылынып атырған басқа кадрлардың профессионал, өз жумысын билиўи, ǝмелий тǝжирийбеге, жоқары дǝрежеде ислеў айрықшалығына ҳǝм руўҳый-мораллық пǝзийлетлерге ийе екенлиги кепиллигин тǝмийинлеў;

министрлик бөлимлери хызметкерлерин, өз орынбасарын  хошеметлеў ҳǝм интизамый жуўапкершиликке тартыў мǝселелерин шешиў, соның менен бирге, олар ийелеп турған лаўазымда қалыўы мақсетке муўапықлығына тийисли мǝселелерди көрип шығыў, олардың жеке жуўапкершилигин асырыў бойынша системалы ис-илажларды ǝмелге асырыў;

министрлик хызметкерлериниң Əдеп-икрамлық қағыйдалары талапларына ǝмел қылыўын, район (қала) дене тǝрбия ҳǝм спорт бөлимлери ҳǝмде спорт билимлендириў мекемелери басшысы ҳǝм хызметкерлери усы қағыйдаларға ǝмел қылыўын тǝмийинлеў;

ҳуқықты қоллаў ǝмелиятын ҳǝм нызам ҳүжжетлерин тереңлестириўге тийисли ис-илажлар ислеп шығыў ҳǝм  ǝмелге асырыў арқалы район (қала) дене тǝрбия ҳǝм спорт бөлимлери системасында “Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында”ғы Ɵзбекстан Республикасы Нызамы талапларына  муўапық коррупция ҳǝм басқа ҳуқуқбузарлықлардың алдын алыў илажларын көриў, сондай-ақ, олардың пайда болыўына көмеклесиўши себеплерин  ҳǝм шǝрт-шараятларды анықлаў, анализлеў, сапластырыў;

прогноз көрсеткишлериниң орынланыўын турақлы анализлеў ҳǝмде район (қала) дене тǝрбия ҳǝм спорт бөлимлери тǝрепинен усы көрсеткишлерге сөзсиз ерисиўди тǝмийинлеўге қаратылған қосымша ис-илажлар көриў бойынша усынысларды министрликке киргизиў;

министрликтиң структуралық бөлимлери хызметкерлери жумысларының жемисли ҳǝм нǝтийжелилигин системалы түрде  критикалық анализлеў, жыйналысларда олардың жеке есабатларын еситиў, олардың жуўмақлары бойынша зǝрүр ис-илажлар көриў;

министрлик жумысларына тийисли мǝселелер бойынша нызам ҳүжжетлерин тереңлестириў, сондай-ақ, мǝмлекет хызметлери нǝтийжелилиги, сыпатлы ҳǝм олардан еркин пайдаланыўды асырыў бойынша усынысларды ислеп шығыў ҳǝмде оларды көрип шығыў ушын Дене тǝрбия ҳǝм спорт министрлигине киргизиў;

район (қала) дене тǝрбия ҳǝм спорт бөлимлери ҳǝмде спорт билимлендириў мекемелери жумысларын муўапықластырыў ҳǝм бақлап барыў;

физикалық ҳǝм юридикалық шахслардың мүрǝжатларын көрип шығыў, “Физикалық ҳǝм юридикалық шахслардың мүрǝжатлары ҳаққында”ғы Ɵзбекстан Республикасы Нызамы менен белгиленген мүддетлерде ҳǝм тǝртипте халық пенен туўрыдан-туўры ҳǝм ашық сǝўбетлесиўди жолға қойыў, физикалық шахсларды ҳǝм юридик шахслардың ўǝкиллерин турақлы түрде жеке қабыллаў, соның менен бирге, орынларға барып қабыллаў;

Ɵзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасы Халық қабыллаўханалары менен нǝтийжели бирге ислесиў, олардың жумысларында жедел қатнасыў, физикалық ҳǝм юридикалық шахслардың Ɵзбекстан Республикасы Президентиниң Виртуал қабыллаўханасынан түскен барлық мүрǝжатларды өз ўақтында ҳǝм толық көрип шығыў;

министрлик бөлимлери хызметкерлери лаўазым айлығына  премиялар, үстемелер төлеў, оларға материаллық жǝрдем бериў, оларды сыйлықлаў, хошеметлеў ҳǝм оларға интизамый шаралар қоллаў  ҳаққында қарар қабыллаў, оларды мǝмлекетлик наградалар ҳǝм административлик премиялар менен сыйлықлаў ҳаққындағы усынысларды Дене тǝрбия ҳǝм спорт министрлигине киргизиў;

мǝмлекетлик сырды ямаса нызам менен сақланатуғын басқа сырды шөлкемлестириўши мағлыўматлардың қорғалыўын тǝмийинлеў.