ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ МӘМЛЕКЕТЛИК БАЙРАҒЫ
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ МӘМЛЕКЕТЛИК БАЙРАҒЫ
«Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик байрағы ҳаққында»ғы Нызам 14-декабрь 1992-жылда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң ХI сессиясында қабылланды. Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик байрағы Қарақалпақстан Республикасының суверенли мәмлекет екенлигигниң нышаны.
Байрақтың аспан көк реңи бәҳәр жаслығының ҳәм өмир дәреги – суўдың мәңги тымсалы болып есапланады. Сары рең болса Қарақалпақстан аймағының үлкен бөлегиниң саҳрадан ибарат екенлигин аңлатады. Жасыл рең болса тәбияттың жаңаланыўының, руўхый жасарыўының, исенимниң ҳәм қуўаныштың нышаны. Байрақтағы жаңа туўылған ай мусылманлардың муқаддес тымсалы болса, бес жулдыздың сүўрети Қарақалпақстанның әййемги ҳәм наўқыран бес қаласының – қарақалпақстанлылардың турмыс ҳәм исеним қорғанларының тымсалы болып табылады. Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик байрағы Қарақалпақстан Республикасының рәсмий ўәкиллериниң сырт елге сапарларында, халықаралық әнжуманларда, көргизбелерде ҳәм спорт ойынлары жарысларында Қарақалпақстан Республикасын дүньяға танытады. Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик байрағы халықаралық майданда басқа мәмлекетлердиң байрақлары менен тең желбиреп турады.
Қарақалпақстан Республикасының пуқаралары ҳәм бул жерде жасайтуғын басқа адамлар Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик байрағын ҳурметлеўи шәрт.