28.03.2024, Пийшемби

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Нуразизов Мәлимлеме хызмети басшылары менен ушырасты

2023-жыл 9-февраль күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Нуразизов Мәлимлеме хызмети басшылары менен ушырасты.

Күн тәртибиндеги мәселелелер жүзесинен мәжилис басқарыўшысы тәрепинен Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 2-февраль күни “Қарақалпақстан Республикасында халық ушын мүнәсип турмыс шараятларын жаратыў ҳәм мәҳәллелердиң инфраструктурасын буннан былай да жақсылаў илажлары ҳаққында”ғы 52-санлы қарары қабыл етилгени, қарар тийкарында ири көлемли жумыслар алып барылыўы режелестирилгени атап өтилди.

Соның менен бир қатарда, алдағы ўақытлары төмендегише:

- Ҳәр бир сын көзқарастан шығарылған мақалаларға өз ўақтында рәсмий мүнәсибет бериў мәселесин көрип шығыў;

- Мәлимлеме хызмети басшылары тәрепинен веб-сайт ҳәм социаллық тармақларда шығарған ҳәр бир мағлыўматтың фото, видео сыпатына тиккелей жуўапкер екенлиги;

- Бүгинги күнде елимизде болып атырған унамлы өзгерислер ҳәм жаңаланыўларды кең жәмийетшиликке жеткериўде алып барылып атырған жумысларды еледе жеделлестириў бойынша ис-илажлар ислеп шығылыўы бойынша ўазыйпалар белгилеп алынды.