29.03.2024, Жума

«Ҳаяллар дәптери»н жүргизиў, KPI системасы, әдеп-икрамлық қағыйдалары, сөйлеў мәденияты ҳәм ораторлық темалары бойынша оқыў-семинар шөлкемлестирилди

Нөкис қаласы ҳәм районлар ҳәкимлериниң орынбасары – Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслықларына бириктирилген қәнигелер ушын шөлкемлестирилген оқыў курсының 2-3-күнлеринде тыңлаўшыларға гендер теңлик, шаңарақлық қәдириятлар, конфликтли шаңарақлар менен ислесиў, «Ҳаяллар дәптери»н жүргизиў, KPI системасы, әдеп-икрамлық қағыйдалары, сөйлеў мәденияты ҳәм ораторлық темалары бойынша билимлер берилди.



 Соның менен бир қатарда, тыңлаўшылар басым ҳәм зорлықтан жәбир көрген ҳаял-қызлар менен ислесиў, оларға дурыс жол-жоба ҳәмде дәслепки психологиялық жәрдем бериў көнликпелерин асырыў мақсетинде Ҳаялларды реабилитация етиў ҳәм масластырыў республика орайының Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлимине барды.  

 

Бүгин Мәмлекетлик хызметин раўажландырыў агентлиги Қарақалпақстан Республикасы филиалы баслығы С.Данияров ҳәмде Қарақалпақ мәмлекетлик университети проректоры И.Турдымамбетовлар тыңлаўшылар менен сәўбетлести ҳәм оқыў курсы жуўмағы менен сертификатларды тапсырды.