29.03.2024, Жума

Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары А.Данияров бүгин жеке қабыллаў өткерди

Елимизде халықтың жасаў шараятын жақсылаў,  пуқараларға қолайлы имканиятлар жаратыў,  олардың турмысынан кеўилли жасаўын тәмийинлеў менен бирге машқалаларын ҳәр тәреплеме үйрениў ҳәм оны нәтийжели сапластырыў баслы мәселеге айланған.


Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде пуқараларды қабыллаў бойынша белгиленген тәртипте ҳәпте даўамында Министрлер Кеңесиниң Баслығы ҳәм оның орынбасарларының қабыллаў кестеси ислеп шығылған.



Усы тийкарда Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары А.Данияров пуқараларды қабыллады.

Тийкарынан пуқаралар тәрепинен уй-жайын оңлаў, бәнтлик, материаллық жәрдем мәселелери бойынша мүрәжатлар келип түсти.

Тийисли тәртипте мүрәжатлар көрилип шығылды ҳәм бир неше мүрәжат сол ўақытта өзиниң шешимин тапқан болса, айрымлары жеке қадағалаўға алынды.