29.03.2024, Жума

Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары искерлигиниң ҳуқықый тийкарлары жетилистирилмекте

Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары искерлигиниң ҳуқықый тийкарлары жетилистирилмекте

 

Мәлим болғанындай, мәмлекет басқарыўында жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымлары ҳәм олардың искерлиги де үлкен әҳмийетке ийе. Олардың искерлиги менен байланыслы қатнасықлар Өзбекстан Республикасының Конституциясы, Өзбекстан Республикасының «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Нызамы ҳәм басқа да нызамшылық ҳүжжетлери менен тәртипке салынады.

Өз гезегинде айтып өтиў орынлы, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары ўәкилликли ҳәм атқарыўшы ҳәкимият уйымларына бөлинеди. Өзбекстан Республикасы Конституциясының XXI бабы ҳәм Өзбекстан Республикасының «Жергиликли мәмлекет ҳәкимияты ҳаққында»ғы Нызамына көре, ўәлаятлар, Ташкент қаласы, районлар ҳәм қалаларда (районға бойсыныўшы қалалардан тысқары) халық депутатлары Кеңеслери жергиликли ўәкилликли ҳәкимият системасына киреди. Жергиликли атқарыўшы ҳәкимият системасын болса, ўәлаятлар, Ташкент қаласы, районлар ҳәм қалалар ҳәкимликлери қурайды.

Улыўма алғанда, олар бирден-бир мәмлекетлик ҳәкимият системасының аймақлық бирлик дәрежесинде әмел етиўши қурам бөлеги ретинде жоқары мәмлекетлик уйымлар қарарларының аймақта әмелге асырылыўын тәмийинлеў менен бир қатарда, улыўма мәмлекетлик мәплерди аймақ халқының мәплери менен үйлестириўде, аймақларды комплекс раўажландырыўда, жергиликли әҳмийетке ийе мәселелерди өз ўәкилликлери шеңберинде шешиўде айрықша әҳмийетке ийе. Сол себепли де, басқа тараўларда болғаны сыяқлы усы тараўда да Мәмлекетимиз Басшысы тәрепинен кең көлемли реформалар әмелге асырып келинбекте.

Соның менен бирге, мәмлекетимизде жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары искерлигиниң институционал тийкарлары бүгинги заман талапларына толық жуўап бермеслигин көрсетпекте. Атап айтқанда, ҳәзирги күнде жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары искерлигинде ҳәкимлер бир ўақыттың өзинде атқарыўшы ҳәм ўәкилликли ҳәкимият уйымларына басшылық етип келмекте.

Бул жағдай мәплер тең салмақлылығы ҳәм де ҳәкимиятлардың бөлиниўи принциплерине толық сәйкес келмейди. Мысалы, халық депутатлары Кеңеси ҳәкимниң Өзбекстан Республикасы нызамшылығына қайшы келетуғын қарарларын бийкарлаў ўәкиллигине ийе. Бирақ, ҳәким өзи қабыл еткен қарарды келешекте халық депутатлары Кеңеси баслығы ретинде бийкарлаўында қалыс болмаған жантасыўға себеп болыўы мүмкин. Сол мәниде, Президентимиз Ш. Мирзиёев 2022-жыл 20-июньдағы Конституциялық комиссия ағзалары менен ушырасыўда “мәмлекет ҳәкимияты ҳәм басқарыўы системасын реформалаўдағы зәрүрли мәселе – бул орынларда ҳәкимлер ҳәм жергиликли кеңеслер ўәкиллигин ажыратыў есапланады” деп, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары искерлигинде терең өзгерислердиң басланғанлығын жәриялаған еди.

Сонлықтан, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 28-январьдағы ПФ-60-санлы Пәрманы менен тастыйықланған 2022 – 2026- жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясын «Инсан қәдирин улығлаў ҳәм белсенди мәҳелле жылы»нда әмелге асырыўға тийисли мәмлекетлик бағдарламаның 10 ҳәм 12-бәнтлериниң орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен «Жергиликли ўәкилликли ҳәкимият ҳаққында»ғы ҳәм «Жергиликли атқарыўшы ҳәкимият ҳаққында»ғы нызам жойбарлары ислеп шығылды.

Өз гезегинде, бул нызам жойбарлары нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарлары талқылаўы порталына жәмийетшилик додалаўы ушын жайластырылды. Сол себепли, усы портал (https://regulation.gov.uz/uz/d/74612 ҳәм https://regulation.gov.uz/uz/d/74600) арқалы жойбар бойынша жәмийетшилик додалаўында ҳәр бир пуқара өзиниң пикир ҳәм усыныслары менен белсенди қатнасыўы мүмкин.

Усы орында айтып өтиў керек, жойбар бойынша жәмийетлик додалаўдың жуўмақланыў сәнеси 11.01.2023-жыл етип белгиленген.

 

 

 

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Юридикалық хызмети