29.03.2024, Жума

Төрткүл районында 18 пуқараның бәнтлиги тәмийинленди ҳәм 86 пуқараның денсаўлығы ушын дәри-дармақ ажыратылды

2022-жыл 15-сентябрь күни Төрткүл районы 18-санлы Сайлаў округ депутаты Р.Сапарбаев тәрепинен Жамбасқала, Көкше, Пахтаабат, Қумбасқан, Атаўба ҳәм Келтеминар АПЖда жасаўшы кем тәмийинленген, социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақлардағы 86 пуқараның денсаўлығын тиклеў ушын дәри-дармағына қаржылай жәрдем ажыратылды.




Сондай-ақ, усы аймақларда жасаўшы 18 пуқараның бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде оларға ноутбук компьютерлер, печка ҳәм тигиў машиналары тапсырылды.