29.03.2024, Жума

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев пайтахтымызда жайласқан 24-санлы мектеп оқыўшылары менен ушырасты

Бүгин 2022-2023- оқыў жылының биринши күни басланды. Усы мүнәсибет пенен Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев пайтахтымызда жайласқан 24-санлы мектеп оқыўшылары менен ушырасты.


Илажға қатнасқан мийманларымыз сөзге шығып, мектеп босағасына биринши қәдемин қойып атырған оқыўшыларды ҳәм оның ата-аналарын шын жүректен қутлылады. Мийманларымыз тәрепинен, Президент саўғасы болған мектеп кураллары оқыўшыларға тарқатылып, жаңа оқыў жылының биринши қоңыраўы қағылды.

 


Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы «Халық билимлендириў ағласы» көкирек белгиси менен мектепте пийдайы мийнетлери арқасында айрықша көзге түскен оқытыўшылар сыйлықланды ҳәм мектеп жәмәәтине қымбат баҳалы саўғалар салтанатлы түрде тапсырылды.

 


Буннан соң, мектеп оқыўшыларының концерт бағдарламасы инәм етилди.